Орайлық Азия қәнигелери регионның келешегин биргеликте режелестирмекте

Пайтахтымызда «Орайлық Азия – 2050: улыўма абаданлық ҳәм турақлылыққа қарай» атамасында биринши регионаллық форсайт-семинар болып өтпекте.
Регионның бес мәмлекетиниң ўәкиллерин – мәмлекетлик уйымлардың қәнигелери, «ақыл орайлары» экспертлери ҳәм илимий жәмийетилик ўәкиллерин бирлестирген форум Орайлық Азия келешеги ушын улыўма стратегиялық көзқарасты қәлиплестириўге, регионаллық басламаларды биргеликте алға қойыў ҳәм әмелге асырыў мақсетинде турақлы сиясий-экспертлик бирге ислесиўди жолға қойыўға қаратылған.
Илаж Стратегиялық реформалар агентлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты (СРИИ), Орайлық Азия халықаралық институты ҳәм Қазақстан Республикасы Стратегиялық режелестириў ҳәм реформалар агентлиги менен биргеликте өткерилмекте.
2050-жылға шекемги демография, энергетика, климат, суў, транспорт интеграциясы ҳәм инсан капиталы бойынша прогнозлар экспертлердиң дыққат орайында болды. Региондағы мәмлекетлер арасында санаат кооперациясы ҳәм экономикалық жақтан бир-бирин толықтырып турыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

СРИИ директорының биринши орынбасары Акрамжон Неъматовтың атап өткениндей, бул семинар Өзбекстанның Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўларына басшылық етиўи шеңберинде өткерилмекте. Бул илаж Өзбекстан басшысы Шавкат Мирзиёевтиң Орайлық Азияда узақ мүддетли бирге ислесиў күн тәртибин қәлиплестириў зәрүрлиги ҳаққындағы басламасын әмелге асырыўға қаратылған.
Атап айтқанда, эксперттиң атап өткениндей, 2024-жыл 9-августта Астанада болып өткен саммит даўамында Өзбекстан Президенти экспертлер жәмийетшилигин регионаллық бирге ислесиў механизмлерин буннан былай да жетилистириў, узақ мүддетли өз-ара байланыслар күн тәртибин әмелий мазмун менен толықтырыў бойынша концептуаллық усыныслар ислеп шығыўға шақырды.
Акрамжон Неъматовтың пикиринше, дүнья сиясатындағы өсип баратырған ҳәм узақ мүддетли болыўы күтилип атырған турақсызлық шараятында, регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәр қашанғыдан да көбирек талап етилмекте.
Ҳәзирги ўақытта регион жедел трансформация басқышынан өтпекте – Орайлық Азия мәмлекетлериниң экономикасы избе-из раўажланып бармақта, олардың глобал процесслерге қатнасыўы кеңеймекте, сондай-ақ, регионның энергетика, транспорт, суў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўдеги орны барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
А.Неъматовтың айтыўынша, ҳәзирги күнде регионда бақланып атырған унамлы процесслер регионнан тысқары бирге ислесиўшилердиң Орайлық Азияға болған қызығыўшылығын арттырмақта. Бул болса, өз гезегинде, регионды дүнья күшлери ҳәм жетекши мәмлекетлерин өзине тартатуғын орайға айландырмақта.
Усы мүнәсибет пенен, қәнигениң пикиринше, бүгин Орайлық Азияның тәғдирин қолға алыў имканиятын қолдан жибермеў оғада әҳмийетли. Регионның турақлы раўажланыўы ушын мәмлекетлеримиздиң ресурсларын ҳәм ишки имканиятларын мобилизациялаўымыз керек. Буннан тысқары, регионнан тысқары қатнасыўшылардың ҳәр қыйлы мәплерин муўапықластырыў ҳәм оларды унамлы бағдарға бағдарлаў мақсетинде күш-ғайратларымызды бирлестириў де айрықша әҳмийетке ийе.
«Келешекти тек ғана болжаў емес, ал оны жойбарлаў зәрүр. Регионымызды 2050-жылы қандай көриўди қәлейтуғынымыз ҳаққындағы сораўға терең ойлап қатнас жасаў зәрүр. Анық стратегияның бар екенлиги регионымыз алдында турған тийкарғы ўазыйпаларды шешиўге ресурсларды мақсетли бағдарлаў имканиятын береди»,- деди СРИИ ўәкили.
А.Неъматов қатнасыўшылардың абырайлы қурамы, ҳәрекетлердиң муўапықлығы ҳәм ҳәзирги тенденцияларды түсиниў узақ мүддетли келешекте Орайлық Азияны раўажландырыўдың әмелий сценарийлерин ҳәр тәреплеме додалаў ҳәм ислеп шығыўға имканият жарататуғынына исеним билдирди.
Илаж Европа Аўқамының Өзбекстандағы делегациясының жәрдеминде өткерилмекте.
ӨзА