Онкологиялық кеселликлер бойынша қандай илажлар көрилмекте? – Министрдиң жуўабы көрип шығылды

273

Бүгинги күнде халық арасында онкологиялық кеселликлердиң алдын алыў ҳәм ерте анықлаў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, 2021-жылдан баслап барлық аймақларда 45-65 жастағы ҳаял-қызлар арасында көкирек бези рак кеселликлерин ерте анықлаў бойынша скрининг басланған.

Төрт жыл даўамында «Онко-қадағалаў» ханаларында ҳәм маммографиялық скрининг жәрдеминде жәми 2 миллион 179 мың 928 наўқас тексериўден өткерилген. Жәми 6 мың 117 көкирек бези раги наўқаслары анықланған болса, олардың 4 мың 404 и кеселликтиң ерте I ҳәм II басқышындағы наўқаслар болып есапланады.

Сондай-ақ, 1 мың 394 наўқаста ағза сақлаўшы хирургиялық операциялар исленген. Ҳәзирги күнде республикада мәлимлеме системасына интеграцияланған 16 мобиль маммограф ҳәм 16 стационар маммография кабинетлери халыққа маман хызмет көрсетип келмекте.

Бул ҳаққында парламенттиң төменги палатасының мәжилисинде айтып өтилди. Онда Денсаўлықты сақлаў министри А.Худояровқа жиберилген «Халық арасында онкологиялық кеселликлердиң алдын алыў ҳәм ерте анықлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың жағдайы ҳаққында»ғы Нызамшылық палатасының парламентлик сораўына келген жуўап көрип шығылды.

Парламент сораўына келген жуўапта келтирилиўинше, республиканың барлық 16 онкологиялық мәкемеси толық оңланып шығарылған. Әмелдеги 5 нур терапия үскенелериниң саны 51 ге жеткерилген. Республикада 100 амбулатор, 650 орынлық стационар хызметине ийе ең заманагөй онкология орайының имараты қурылып, бул жерде халыққа қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетилмекте.

Сондай-ақ, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында онкологиялық наўқасларға ПЭТ/КТ тексериўлери мәмлекетлик қаржылар есабынан әмелге асырыў жолға қойылды. Барлық онкология филиалларында иммуногистохимия лабораториялары шөлкемлестирилди.

Министрдиң жуўабына бола, басланғыш буўынға маман онкологларды таярлаў мақсетинде 2023-2024-оқыў жылында 2 жыллық клиникалық ординатура бағдары бойынша 96 орын ажыратылған. Республикалық онкология орайында 37 клиникалық ординатор билим алмақта. Сондай-ақ, Ферғана, Хорезм, Самарқанд ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласындағы аймақлараралық хоспислердиң жумысын толық жолға қойыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Мәжилисте Спикер Н.Исмоиловтың парламентлик сораўына жетерли жуўап берилмегени, атап айтқанда, сораўда басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем системасында халық арасында онкологиялық кеселликлерди ерте анықлаў, басланғыш ҳәм екилемши профилактика жумысларын шөлкемлестириў бағдарындағы жумысларды жақсылаў бойынша көрилип атырған илажлар соралғаны, бирақ буған анық мағлыўматлар берилмегени, аймақлараралық хоспислер бойынша да жеткиликли мәлимлеме келтирилмегени сынға алынды.

Додалаўлардан соң Денсаўлықты сақлаў министириниң жуўабы мағлыўмат ушын қабыл етилди.

Муҳтарама Комилова, ӨзА