Ал-Хорезмий атындағы III халықаралық математика олимпиадасы старт алды

223

Үргенш қаласындағы «Ёшлик» спорт комплексинде математика бойынша өткерилип атырған Ал-Хорезмий атындағы III халықаралық олимпиаданың ашылыў мәресими болып өтти.

Салтанатлы мәресимде Хорезм ўәлаяты ҳәкиминиң орынбасары Санъат Салаев шығып сөйлеп, абырайлы олимпиаданың халықаралық әҳмийети ҳәм математика тараўының раўажланыўындағы орны ҳаққында cөз етти.

Сондай-ақ, илажда Жоқары билимлендириўди раўажландырыў изертлеў орайы директорының орынбасары М.Эсонов, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы В.И.Романовский атындағы Математика институты директорының орынбасары А.Худойбердиев, Үргенш мәмлекетлик университети ректоры ўазыйпасын атқарыўшы С.Ходжаниязов ҳәм Калифорния мәмлекетлик университети профессоры, олимпиаданың төрешилер коллегиясының баслығы З.Ибрагимов та бул олимпиада жарысы Өзбекстанда үшинши мәрте өткерилип атырғаны ҳәм студентлер өз билимлерин сынақтан өткериўи ушын жақсы имканият екенин атап өтти.

Олимпиаданың тийкарғы беллесиўлери 28-29-май күнлери «Ёшлик» спорт комплексинде болып өтеди.

Онда Бразилия, АҚШ, Қытай, Ҳиндстан, Қубла Корея, Малайзия, Япония, Вьетнам, Россия, Сербия, Қырғызстан, Қазақстан, Тәжикстан, Түркия, Түркменстан сыяқлы дүньяның жетекши мәмлекетлери, сондай-ақ, елимиздиң көплеген жоқары билимлендириў мәкемелеринен жәми 218 қатнасыўшы математиканың ең қурамалы жумбақларына логикалық ҳәм дөретиўшилик қатнас пенен шешим излейди.

Бул халықаралық олимпиаданы өткериўден гөзленген тийкарғы мақсет – уллы ата-бабаларымыздың дүнья цивилизациясының раўажланыўына қосқан үлкен үлесин халықаралық көлемде кеңнен үгит-нәсиятлаў, қәбилетли студентлердиң сырт еллердеги заманласлары менен дослық бәсеки орталығын жаратыў, жаслардың математика пәнин терең үйрениўге қызығыўшылығын арттырыўдан ибарат.

Ахмеджан Шакиров, Беҳзод Саидов (сүўрет) ӨзА