Қурбан ҳайыты сәнеси жәрияланды

276

Саудия Арабстанында Зул-Ҳижжа айының ҳилолы бақланды, бул – ҳаж күнлери басланғанын ҳәм қурбан ҳайыты сәнесиниң мәлим болғанын билдиреди.

Қурбан ҳайыты – ислам дининдеги ең уллы байрамлардан бири болып, ол пүткил мусылман дүньясында сағынып күтиледи ҳәм үлкен ҳүрмет пенен белгиленеди.

Ҳәр дайым Зулҳижжа айының 10-күни Қурбан ҳайыты күни болып есапланады. Демек, 2025-жыл бул уллы әййям 6-июнь яғный жума күнине туўра келмекте. Мусылманлардың тийкарғы байрамы алдынан арафа күни болса 5-июнь етип белгиленди.

ӨзА