Қарақалпақстан ушын дүньяға кең жол ашылмақта

310

Мүнәсибет

Қарақалпақстан Республикасын социал-экономикалық жақтан раўажландырыў, экологиялық машқалаларды сапластырыў ҳәм халықтың саламатлығын қорғаў   бойынша ҳүрметли Президентимиз тәрепинен бир қатар қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилип, усы тийкарда орынларда кең көлемли реформалар алып барылмақта. Тараўларды раўажландырыў бағдарында алып барылып атырған  кең көлемли жумысларды ен жайдырыў ҳәм раўажланған сырт мәмлекетлер менен бирге ислесиўди кеңейтиў мақсетинде сырт ел инвесторларын тартыў бойынша исленип атырған илажлар бағдарында да соңғы ўақытларда жаңа басламалар, жаңа табысларға ерисилмекте.

Усы жылдың 22-май күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығындағы Қарақалпақстан делегациясы Президентимиздиң тапсырмасы менен Бирлескен Араб Әмирликлерине барыўы республикамыз турмысындағы үлкен тарийхый ўақыялардың бири  болды десек арзыйды.

Ҳүрметли Президентимиз ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери басшыларының дослық қатнасықлары менен  шериклик байланысларын және де беккемлеўге тийкар болатуғын әҳмийетли ушырасыў  нәтийжели келисимлерге ерисилиўи менен әҳмийетли болмақта.

Алып барылған сөйлесиўлерде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қарақалпақстан Республикасының  инвестициялық потенциалы, экономикалық көрсеткишлери, перспективалы халықаралық жойбарларды әмелге асырыў бойынша жаратылған шараятларға  тоқтап өтиўи әлбетте, сырт ел инвесторларын бийпарық қалдырмайды.

Сапар шеңберинде  «2 Point Zero» компаниясының  атқарыўшы директоры Марям АлМхеири менен ушырасыў өткерилип, онда компанияның финанслық хызметлер, жасалма интеллект технологиялары, әҳмийетли ресурслар, санлы трансформация ҳәм басқа да бағдардағы тәжирийбелер ҳаққында атап өтилип, бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша усыныслар билдирилди.

Сондай-ақ, Қарақалпақстандағы бар  кәнлерде биргеликте геологиялық-излеў жумысларын алып барыў ҳәм экологиялық қәўипсиз өзлестириў, еки мәмлекет университетлери ҳәм илимий мәкемелери менен биргеликтеги  изертлеў орайлары ҳәм кадрлар таярлаў бағдарламаларын шөлкемлестириў, республикамыздың туризм тараўында еле ашылмаған имканиятлардан пайдаланыў мәселелериниң  талқыланыўы жаңа раўажланыўларға тийкар болары анық.

Делегация ағзаларының «Burjeel holdings» ҳәм «Life Pharma» компаниялары ўәкиллери менен өткерилген ушырасыўда жетекши интеграцияласқан мәмлекетлик емес медициналық хызмет көрсетиўши компаниялардан бири болған «Burjeel holdings» ўәкиллери менен сөйлесиўлер алып барылып, онда  медициналық жәрдем тараўында қәнигелерди таярлаў, диагностика, профилактика, денсаўлықты сақлаў тараўын санластырыў, жергиликли шыпакерлердиң билим-көнликпелерин арттырыў бойынша тәжирийбе алмасыўды жолға қойыў мәселелери талқыланып, бул бирге ислесиўге жаңа бағдарлар ашылыўына тийкар болары анық. Буннан тысқары, Қарақалпақстандағы ҳаяллар арасында көкирек бези рагы кеселлигин ерте басқышта анықлаў мақсетинде мобиль маммография үскенелерин жеткерип бериў ҳәм жоқары тәжирийбеге ийе қәнигелер менен тәмийинлеў бойынша келисип алынды.

Сондай-ақ, Нөкис қаласында Бирлескен Араб Әмирликлериниң «Халифа Бин Зайед Ал Наҳаян» фонды тǝрепинен 28 миллион доллар донорлық қаржылары тийкарында «Ана ҳǝм бала» клиникасы қурылып атырған болып, бул клиниканың жақын арада питкерилип пайдаланыўға тапсырылыўы ҳаққында айтылып, бул  келешек әўладтың саламатлығын сақлаў бағдарында халқымыздың турмысында қуўанышлы хабар болыўы күтилмекте.

Қарақалпақстанда өсетуғын, халықаралық дәрежеде жоқары эспортқа ийе дәрилик өсимликлердиң бири болған боян тамырды қайта ислеў ҳәм фармацевтика тараўын раўажландырыў  бойынша «Life Pharma» компаниясы менен өткерилген ушырасыўда биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер көрип шығылыўы да тараўда жаңа қәдемлер тасланыўы күтилмекте.

Еки ел ортасындағы бул әҳмийетли ушырасыў Қарақалпақстан Республикасының  жайнап жаснаўына, кәнлерди биргеликте геологиялық излеў жумысларының еле де жетилистирилиўине,  елимизде  медицинаның раўажланыўына , Аралбойы регионында жасаўшы ана ҳәм баланың саламат өсиўине, еки мәмлекет университетлери ҳәм илимий мәкемелери менен биргеликте биргеликтеги  изертлеў орайлары ҳәм кадрлар таярлаў бағдарламаларын шөлкемлестириўине, Республикамызда туризм тараўының оғада бай имканиятлары бар екени  ҳәм оннан пайдаланыў мәселелерине    салмақлы үлес косатуғынына исенемиз. Әлбетте, булардың бәри  Инсан қәдири барлық нәрседен үстин туратуғын елимизде ерисилип атырған табыслардың тийкары “Инсан қәдири ушын” принципи ушын хызмет етери анық.

Оралхан Сапарова, Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты

Қарақалпақстан хабар агентлиги