Өзбекстанда кендирден биожанылғы ислеп шығарылады (+видео)

Кендир өсимлиги баҳалы талшықлы егин есапланып, Өзбекстанда бурыннан жетистирилип келинген. Оннан тийкарынан химия санааты, фармакология ҳәм косметологияда кеңнен пайдаланылады. Кендир өсимлигинен техникалық май алынады. Талшықлары беккем, жумсақ, гигроскопиялық болып, брезент, қап-қанар, гилем, жип, мебель ҳәм сол сыяқлы басқа буйымлар таярлаў ушын қолланылады.
Туқымында 20% май сақлайды ҳәм бул тери ийлеў, сабын писириў ҳәм лак бояў санааты ушын әҳмийетли шийки зат есапланады. Гүнжарасы төгин болыў менен бирге, шарўа маллары ушын азықлық болып табылады. Пақал қалдықлары қағаз ҳәм қурылыс санаатында кеңнен қолланылады.
Өзбекстанда кендир тийкарынан суўғарылатуғын жерлерде егиледи. Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде кендир егилген майданлар бираз қысқарған.
Бул өсимликти республикамызда көбейтиў мақсетинде Корея менен биргеликте кендир жетистириў жойбары басланды. Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар миллий орайы ҳәм Кореяның “SJ Global” компаниясы менен биргеликте Ташкент ўәлаятының Жоқары Шыршық районында кендир туқымлары егилип, сынақ жумысларына старт берилди.
– Жоқары Шыршық районындағы 11 гектар майданда, буннан тысқары Сырдәрья ҳәм Хорезм ўәлаятында жәми 25 гектарда быйыл тәжирийбе-сынақ жумыслары әмелге асырылады, – дейди Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар миллий орайының директоры Шуҳрат Отажонов. – Жойбардан гөзленген мақсет оннан талшықлы ҳәм майлы егин сыпатында пайдаланыў, дизель жанылғысы, биожанылғы алыў, артқан өнимлерден қурылыс материалларын ислеп шығарыўға бағдарлаў ҳәм тәжирийбе табыслы өткеннен соң бизиң илимий мәкемемиз тәрепинен кендирдиң туқымгершилигин жолға қойыў.
Келешекте республикамыз бойынша сынақлар жақсы өтсе, буны кеңейтиў бойынша қосымша жойбарлар әмелге асырылады.
Санжар Тошпўлатов,
Улуғбек Тўхтаев (видео), ӨзА