Өзбекстан Глобал жасыл өсиў институты менен климат өзгериўине қарсы гүресиў тараўында тәжирийбе алмасады

287

Олий Мажлис Сенатына Глобал жасыл өсиў институты (GGGI) Ассамблеясының баслығы Пан Ги Мун келди.

Сенат Баслығы Танзила Норбоева менен ушырасыўда GGGIдиң Өзбекстандағы жумысын кеңейтиў, институттың “жасыл” трансформация бойынша кең көлемли жойбарларды әмелге асырыўдағы ролин күшейтиў, сондай-ақ, климат бойынша Париж келисими шеңбериндеги мәмлекеттиң миннетлемелерин орынлаўды қоллап-қуўатлаў мәселелери додаланды.

Аралбойы регионындағы экологиялық машқалаларға халықаралық қатнас, соңғы жыллары бул аймақты қайта тиклеў ҳәм турақлы раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған реформаларға айрықша итибар қаратылды.

Тоғайлықлар жаратыў ҳәм “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңбериндеги жумыслар, сондай-ақ, парламент экспертизасын тереңлестириў ҳәм “жасыл” экономика бойынша қәнигелер таярлаў бағдарындағы режелер додаланды.

Тәреплер халықаралық дәрежеде миллий климат басламаларын алға қойыў, нормативлик-ҳуқықый базаны раўажландырыў, қоршаған орталықтың патасланыўы ҳәм климат өзгериўине қарсы гүресиў тараўында тәжирийбе алмасыў бойынша бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге келисип алды.

Н.Абдураимова,

ӨзА