Microsoftдан Аврора жасалма интеллекти

Microsoft дәстүрий ҳаўа-райын болжаў системаларынан үстин болған жаңа Аврора жасалма интеллект моделин жәмийетшиликке усынды. Бул алдынғы система тезлик ҳәм анықлық жағынан метеорологиялық орайлардың классикалық усылларын артта қалдырады.
Аврора модели ақыллы таллаў усылы технологияларына тийкарланған болып, үлкен көлемдеги климат мағлыўматларын жоқары тезликте таллаў арқалы анық ҳәм исенимли ҳаўа-райы болжаўларын усыныс ете алады. Модель бир неше минут ишинде болжаўлар дүзип, саатлап даўам ететуғын дәстүрий суперкомпьютер есаплаўларына альтернатив шешим усыныс етеди.
Системаның тийкарғы абзаллықлары:
Реал ўақытқа жақын тезликте болжаў
Көп жыллық метеорологиялық мағлыўматлар тийкарында болжаўлар
Жоқары анықлық дәрежеси
Энергияны үнемлеў ҳәм нәтийжелилик
Аврора модели тек ғана күнделикли ҳаўа-райы мағлыўматлары ушын емес, ал айрықша жағдайларды ерте анықлаў, аўыл хожалығы, авиация ҳәм энергетика тараўларында да кеңнен қолланылыўы мүмкин.
Microsoft ўәкиллериниң атап өтиўинше, бул технология глобал көлемде климат қәўипсизлигин тәмийинлеўде әҳмийетли роль атқарады. Сондай-ақ, жасалма интеллект жәрдеминде инсаният климат өзгерислерине тезирек ҳәм нәтийжелирек таярлық көриўи мүмкин болады.
ӨзА