Халықаралық дайджест (+видео)

268

Саудия Арабстаны 2026-жылдан баслап алкоголь өнимлерин сатыў ҳәм пайдаланыўға рухсат бериўди режелестирмекте. Бул қәдем 2034-жылы өткерилетуғын футбол бойынша жәҳән чемпионатына таярлықтың бир бөлеги есапланады.

Спиртли ишимликлер тек ғана 600 ге шамалас арнаўлы орында сатылыўы режелестирилген. Булар тийкарынан мийманханалар, дем алыў орынлары ҳәм туристлер ушын мөлшерленген аймақларда пиво, вино ҳәм сидр сатып алыў мүмкин болады.

Германияда жеткиликли муғдарда кеўиллилерди тартыўдың имканияты болмаса, 2026-жылдан мәжбүрий әскерий хызметке қайтады. Бул ҳаққында мәмлекет қорғаныў министри мәлим етти.

Министр тийисли нызам жойбары келеси жылдың 1-январынан күшке кириўи мүмкин екенлигин атап өтти. Германия армиясында мәжбүрий әскерий хизмет 2011-жылы тек тынышлық дәўири ушин бийкар етилген еди.

Индонезияның орайлық бөлиминдеги Шығыс Ява провинциясында бир сутка ишинде 11 мәрте Семеру вулканы атылыўы бақланды.

Вулкан атылыўы нәтийжесинде пайда болған күлдиң жоқарғы шеги вулкан кратеринен 1200 метр ямаса теңиз қәддинен 4876 метр бийикликке жеткен. Жергиликли халық ҳәм туристлерге вулканнан 8 километр қубла-шығыста кратерге жақынласпаў усыныс етилген.

Франция Президенти Эммануэль Макронның Вьетнамға барған ўақтында ҳаялынан шаппат жегени сәўлеленген видео социаллық тармақларда үлкен шаўқымға себеп болды. Бул жағдайға Елисей сарайы мүнәсибет билдирди.

Видеода Президент самолёт есигинен көринеди ҳәм иште кимдур менен сөйлесип атырған ўақытта бир қол оның жүзине жақынлап, ийегине жеңил шаппат урады. Макрон бул жағдайға қысқа таңланыў билдиреди, бирақ дәрҳал өзин услап, камералар алдында сәлемлеседи.

Ҳиндстан қәўипсизлик күшлери шегараны нызамсыз кесип өтиўге урынған Пакистан пуқарасын атып өлтирди.

Ҳиндстанның Шегара қәўипсизлиги күшлери (BSF) берген билдириўге бола, ўақыя Гужарат штатында жүз берген.

Шегара бойлап патруллик етип атырған әскерлер «гүманлы шахс»ты көрген ҳәм оны тоқтаўға шақырған. Бирақ ол бул буйрықты итибарсыз қалдырып, жуўырыўын даўам еткен. Буннан кейин әскерлер оған қарата оқ атқанын мәлим еткен.

Россия әскерлери 25-майға өтетуғын түнде Украинаға дронлар ҳәм ракеталар менен ең ири авиаcоққыны әмелге асырды. Бул авиа ҳүжимге 298 дрон тартылды. АҚШ президенти Дональд Трамп буған мүнәсибет билдирип, россиялы кәсиплеси Владимир Путинди кескин сынға алды.

АҚШ басшысы Путин пүткил Украинаны басып алмақшы екенин, бирақ бул «Россияның қулаўына алып келетуғынын» атап өтти. Трамп өз баянатында украиналы кәсиплеси Владимир Зеленскийди де сынға алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги