Жаңа Өзбекстан армиясы – мәмлекет тиреги, халқымыздың мақтанышы!

461

Ўатан ҳәр биримиздиң турмысымыз, тәғдиримиз, перзентлеримиздиң келешеги, бахыты ҳәм келешеги менен байланыслы. Сол себепли өсип киятырған әўладты ўатансүйиўшилик, ўатанға садықлық сезимлеринде камалға келтириў айрықша әҳмийетке ийе.

Бизге белгили, кейинги жыллары Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёевтиң басламасы тийкарында мәмлекетимиздиң қорғаныў қәбилетин буннан былай да арттырыў бағдарында кең көлемли реформалар алып барылмақта.

Әсиресе, соңғы жыллары мәмлекетимиз басшысының усынысы тийкарында таярланып, елимиз бойлап кеңнен көрсетилип атырған «Ўатанды жырлаў» әдебий-ағартыўшылық бағдарламасы бул бағдарда әҳмийетли орын ийелемекте. Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги, Мәденият министрлиги, Жазыўшылар аўқамы, Кинематография агентлиги ҳәм басқа да шөлкемлер менен биргеликте таярланып атырған бул бағдарламада жоқары ўатансүйиўшилик, мәртлик ҳәм ерлик, тынышлық ҳәм татыўлықты қәстерлеп сақлаў, ел-журттың абаданлығы ушын мобилизациялаў сыяқлы пазыйлетлер тәсиршең усылларда жырланбақта.

Пайтахтымыздағы «Түркстан» көркем өнер сарайында өткерилген гезектеги «Ўатанды жырлаў» бағдарламасында да мине, усындай ийгиликли түсиник ҳәм қәдириятлар, ибратлы пазыйлетлер өзине тән талқылаўларда сәўлелендирилди.

«Жаңа Өзбекстан армиясы – мәмлекеттиң тиреги, халқымыздың мақтанышы!» деген ийгиликли идея тийкарында таярланған бул ретки бағдарлама түри ҳәм мазмуны жағынан және де жетилистирилип, көлеми ҳәм қамтыўы кеңейгени итибарға ылайық.

Салтанатлы илажда пайтахтымыздағы «Жеңис парки» комплексинде елимиздиң тынышлығын ҳәм оның шегараларына қол қатылмаслығын қорғаў жолында қаҳарманларша қайтыс болған мәрт ҳәм батыр әскерлердиң естелигине бағышланған «Миллет пидайылары» естелиги және Екинши жер жүзилик урыста саўаш майданларында мәртлерше гүрескен ҳәм фронт артында мийнет еткен ўатанласларымыздың теңсиз мәртлигин улығлайтуғын «Еслеў нуры» композициясы қурылысының руўхый турмысымыздағы әҳмийетин ашып беретуғын тәреплерине айрықша итибар қаратылды.

Салтанатлы сарай фойесинде шөлкемлестирилген әскерий қурал-жарақлардың макетлери, көркем әдебиятлар көргизбеси илаж қатнасыўшылары ушын теманың өзине тән кирис сөзи ўазыйпасын атқарады.

«Ўатанды жырлаў» жойбарының бул ретки көргизбе күни де жетип келди. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гимни жаңлайды.

Саҳнаға әскерий хызметке шақырылған жас әскерлер өз сәрдарлары басшылығында шығып келеди. Илаждың толқынландырыўшы мәўритлери қатнасыўшылардың қәлбине өткени менен дыққатқа ылайық еди. «Ўатанды жырлаў» бағдарламасынан орын алған нама ҳәм қосықлар, сахналық көринислер әскерий хызметкерлердиң ҳәм физикалық, ҳәм руўхый жақтан жетилисип, мәрт ҳәм профессионал әскерлерге, ҳақыйқый Ўатан қорғаўшыларына айланыўына хызмет етиўи менен әҳмийетли болып есапланады.

Кешеде Өзбекстан Қураллы Күшлериндеги заманагөй өзгерислер, «Халық пенен армия – бир тән, бир жан» деген ийгиликли идея, көп миллетли халқымызға тән өз-ара аўызбиршилик ҳәм татыўлық сезимлериниң миллий армиямыз турмысында айқын көзге тасланып атырғаны бийтәкирар поэзиялық дөретпелер, дилбар қосықлар, әжайып аяқ ойынлар жәрдеминде ашып берилди.

Әскерлердиң толқынландырыўшы ҳәм жуўапкершиликли әскерий жумысы, дүнья жәмийетшилигинен мүнәсип орын таўып атырған жанажан Өзбекстанымыздың ғәрезсизлигин, шегараларымыздың қол қатылмаслығын мүнәсип қорғаў ушын зәрүр әскерий билим ҳәм көнликпелерди, атап айтқанда, заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологиялары, жасалма интеллект тийкарларын үйрениўи, заманагөй қурал-жарақларды басқарыўы тәсиршең көринислерде сәўлеленди.

Бағдарлама даўамында бақсылар тәрепинен атқарылған ана-Ўатанымызды улығлаўшы термелер, уллы ата-бабаларымыз – мәрт ҳәм батыр сәркарда Жалаладдин Мангуберди ҳәм жәҳәнгир Саҳыпқыран бабамыз Әмир Темурдың монологлары, өзбек миллий ар-намысы ҳәм мақтанышы жырланған, жадид ағартыўшыларының елимиздиң раўажланыўына ерисиў жолындағы умтылыслары сәўлеленген сахналық көринислер, белгили дөретиўшилер ҳәм талантлы шайырлардың атқарыўындағы нама ҳәм қосықлар, әскерий жәмәәтлердиң шығыўлары ҳеш кимди бийпәрўа қалдырмады.

Қорғаныў министрлиги әскерий хызметкерлери тәрепинен атқарылған жаўынгерлик шақырық, «Жаңа Өзбекстан Армиясы», «Мен сақшыман», «Армия ҳәм тәрбия» сыяқлы қосықлар ҳәм басқа да бир қатар қызықлы музыкалы-хореографиялық шығыўлары тамашагөйлер тәрепинен алғыслар менен күтип алынды. Сондай-ақ, «Ниҳол» сыйлығының лауреаты, Саидносир Йигиталиев, талантлы қосықшылар Шуҳрат Дарё, Ғайбулла Турсунов, Мадина Файзуллаева, Өтемис Жуманиязов атқарған миллий ҳәм классикалық қосықлар илажға пайыз бағышлады.

– Жигит адам қайсы тараўда жумыс алып бармасын, Ўатанды қорғаўды өз өмириниң жоқары мақсети, өмир сүрени, ар-намысы, абырайы, деп биледи, – деди Мәмлекетлик салық комитетиниң Бажыхана институтының курсанты Муҳаммадисмоил Абдуманнонов. – «Ўатанды жырлаў» деп аталған бул бийтәкирар бағдарламада усы тәреплер өзиниң айқын көринисин тапқаны менен дыққатқа ылайық.

Ҳақыйқатында да, бийтәкирар бағдарлама даўамында тийисли министрликлер ҳәм уйымлар және Жазыўшылар аўқамы тәрепинен «Мәрт әскерге саўға» дүркининде басып шығарылған жаңа китаплардың презентациясы өткерилди.

– «Ўатанды жырлаў» әдебий-ағартыўшылық бағдарламасының презентациясы бәршеге унады, – деди Ишки ислер министрлиги академиясының курсанты Шоҳруҳ Неъматов. – Бундай ағартыўшылық жойбарлар Ўатанымызды көздиң қарашығындай қәстерлеп сақлаў бағдарындағы ибратлы жумысларға және де көбирек шақырады.

Әдебий-ағартыўшылық бағдарламаның презентациясында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, Қорғаныў, Ишки ислер, Айрықша жағдайлар министрликлери, Миллий гвардия, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Шегара әскерлериниң әскерий хызметкерлери, системадағы әскерий билимлендириў мәкемелериниң курсантлары, ҳуқық қорғаў тараўының студент-жаслары, дөретиўши зыялылар, руўхыйлық үгит-нәсиятшылары, илим, мәденият тараўының ўәкиллери, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери, кең жәмийетшилик қатнасты.

Жақын күнлерде «Ўатанды жырлаў» ағартыўшылық бағдарламасы Қарақалпақстан Республикасы, барлық ўәлаятларда, қала ҳәм аўылларда, билимлендириў орынларында, мәҳәллелерде шөлкемлестирилиўи нәзерде тутылмақта.

Салтанатлы илажға Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Хайриддин Султонов қатнасты.

Назокат Усмонова,

ӨзАның  хабаршысы