Нөкисте жәҳән ҳәм Азия чемпионаты
244

Усы жылдың 28-31-май күнлери Нөкис қаласында белбеўли гүрес бойынша жас өспиримлер (ул ҳәм қыз) арасында жәҳән ҳәм Азия чемпионаты беллесиўлери болып өтеди.
Мағлыўмат орнында соны айтып өтиў керек, белбеўли гүрес бойынша бундай абырайлы жарыс Қарақалпақстан Республикасында биринши мәрте өткерилмекте. Чемпионатқа 20 дан аслам мәмлекеттен ҳәм елимизден 200 ден артық спортшы қатнасыўы күтилмекте.
ӨзА