Қарақалпақстанға Египеттен 660 миллион доллар инвестиция тартылады

322

Қарақалпақстан Республикасы делегациясының Бирлескен Араб Әмирликлерине әмелий сапары шеңберинде Өзбекстанның Египеттеги елшиханасының жәрдеминде Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев ҳәм Египеттиң “Bell Energy” компаниясының басқарма баслығы Ҳайсам Ҳусайн арасында ушырасыў болып өтти.

Әмелий руўхта өткен сөйлесиўлер даўамында Қарақалпақстанның инвестициялық потенциалы, экономикалық имканиятлары, сондай-ақ, биргеликтеги халықаралық жойбарларды әмелге асырыў перспективалары додаланды.

Ушырасыў жуўмағында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, “Bell Energy” ҳәм оның бизнес шериклери арасында улыўма баҳасы 660 миллион долларға тең бес өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойылды. Бул ҳүжжетлер нефть өнимлери ушын жер асты қоймаханаларын қурыў, “Қайрақтас” алтын кәнин өзлестириў, шығындылардан энергия ислеп шығарыў технологияларын енгизиў, биоэтанол ҳәм авиация жанылғысын ислеп шығарыў ушын бамбук плантацияларын жаратыў, балаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың абаданлығын тәмийинлеўге қаратылған социаллық жойбарды иске қосыў сыяқлы бир қатар ири басламаларды әмелге асырыўды нәзерде тутады.

Тәреплер ҳәр бир жойбар бойынша техникалық параметрлер ҳәм финанслық шәртлерди толық ислеп шығыўға келисип алды.

Азиза АЛИМОВА таярлады, ӨзА