Ҳаж – динимиздиң тийкарғы әмеллериниң бири болып, қурбы келген мусылман оны өмиринде бир мәрте қылыўы парыз есапланады. Ҳаж – бул шәриятта Каабада ибадат етиў, деп түсиниледи. Ҳаж дене менен де, пул-қаржы менен де қылынатуғын ибадат болып, динимиздиң бесинши үстини болып есапланады. Ҳаждың ўақты шаўўал, зулқаъда айлары ҳәм зулҳижжа айының басындағы он күн.
Усы жыл 6-август күни республикамыздан 153 пуқара мүбәрек ҳаж зыяратына жөнеп кеткен еди.
«Ҳаж — 2018» мәўсиминдеги Қарақалпақстан Республикасынан кеткен пуқараларымызға Қарақалпақстан мусылманлары қазыятына қараслы Муҳаммад Мурат ийшан мешити имам-хатиби Я.Жумамуратов, Ийшан қала мешити имам-хатиби Ғ.Нажимов ҳәм Жамбасқала мешити имам-хатиби Д.Қлычевлар басшылық етти.
9-сентябрь күни олар ҳаж зыяратын тамамлап қайтып келди. Олар Нөкис халықаралық аэропортында кең жәмийетшилик ўәкиллери, ҳажылардың туўған-туўысқанлары тәрепинен күтип алынды.
Елимизде ҳажға барыўшыларды таңлаўда тийкарынан олардың материаллық ҳәм физикалық жақтан ҳаж сапарына таярлығы, алдын ҳажға бармағанлығы, ислам дини ҳәм ҳаж ибадаты ҳаққындағы түсиниклери, мәнаўияты, әдеп-икрамлығы, мәҳәллесиндеги абырайы, шаңарағындағы саламат орталығы, мәҳәлледеги социаллық-мәнаўий орталықты жақсылаўға қосып атырған үлеси, жолдан адасқанларды саламат турмыс тәризине қайтарыў, олардың социаллық бейимлесиўине көмеклесиўине қаншелли таяр екенлигине үлкен итибар қаратылады. Быйылғы ҳаж сапарына барғанлардың да усындай инсанлар қатарынан таңланғаны айрықша әҳмийетке ийе болды.
– Мен көптен берли Мекке қаласына барып, мүқаддес Каабаны таўап етип зыярат етиўди нийет ететуғын едим. Мине арзыўларым усы жылы әмелге асты. Буннан шексиз қуўанышлыман. Бизлердиң сапарымыз оғада жақсы шөлкемлескенлик пенен өтти.
Бизлер Мекке ҳәм Мадина қалаларында елимиздиң аманлығы, тынышлығы ҳәм раўажланыўы, балаларымыздың келешеги ушын дуўа етип, ел-журтымыздың аманлығын тилеў бахтына миясар болдық. Зыярат даўамында Мадина қаласы жанындағы Уҳуд таўы ҳәм Қиблатайн (еки қублалы) мешитлерин зыяратладық. Дин ҳаққындағы билимлеримиз кеңейип, зыярат етиў орынлары туўралы бир қатар мағлыўматларға ийе болдық.
Усындай шараятларды жаратып берген Президентимизге айрықша миннетдаршылығымызды билдиремиз. Елимизди еле де раўажландырыў, жасларымызды саўап ислерге баслаў, оларды дурыс жолға бағдарлаўға ақылымызды, билимлеримизди, турмыс тәжирийбелеримизди аямаймыз,-дейди ҳажы Ж.Жолдасбаев.
Биз де бул пуқараларымыздың әмелге асырған ҳаж зыяраты, елимиздиң тынышлығы ҳәм раўажланыўы жолында еткен ибадарлары, дуўалары қабыл болыўын тилеймиз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.