Быйылғы жылдың 6-сентябрь күни Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасы жумысында дүзилген жаңа дәстүрге муўапық «Өзбекстан Республикасы Нызамшылық палатасының Регламенти ҳаққында»ғы және «Парламентлик қадағалаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамларына тийкарланып «Ҳүкимет сааты» өткерилди.

Депутатлардың аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў, экономика тармақларын ҳәм социаллық тараўдың жағдайын үйрениў бойынша алып барған жумыслары ҳәм орынларда халық тәрепинен көтерилген  мәселелерден келип шығып, төменги палатадағы депутатлар бирлеспелериниң усыныслары бойынша, «Ҳүкимет сааты»нда көрип шығыў ушын Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 21-апрельдеги «2017-2021-жыллары турмыслық шығындаларға байланыслы жумысларды әмелге асырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынлардағы орынланыўы ҳаққындағы мәселе киргизилди.

Бул мәселе бойынша депутатлардың сораўларына ҳәр тәреплеме жуўап бериў ушын Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң жуўапкер басшылары мирәт етилди.

«Ҳүкимет сатты»нда атап өтилгениндей, мәмлекетимиз басшысының усы қарарын орынлаў шеңберинде комитеттиң аймақлық уйымлары жанында 13 «Таза аймақ» мәмлекетлик унитар кәрханасы ҳәм олардың 172 районлық (қалалық) филиаллары шөлкемлестирилди.

Районлық ҳәм қалалық абаданластырыў басқармаларының қарамағында болған 1 403 арнаўлы техника, 1 102 шығынды жыйнаў майданшасы, 6 131 шығынды контейнери ҳәм 160 полигон «Таза аймақ» кәрханаларының балансына өткерип берилди. Нәтийжеде республика бойынша 5 мыңнан аслам жаңа жумыс орынлары жаратылды. 2018-жылдың ақырына шекем және қосымша 608 жумыс орны шөлкемлестириледи.

Депутатлардың атап өткениндей, мине усы унамлы жумыслар менен бирге өз шешимин күтип атырған кемшиликлер ҳәм машқалалы мәселелер де бар. Оларды сапластырыў бойынша елимиз Президентиниң  2018-жыл 18-майдағы «Турмыслық шығындылар  менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў системасын буннан былай да жетилистириў  илажлары ҳаққында»ғы қарары әҳмийетли қәдем болды.

Бул ҳүжжет пенен 2019-2021-жылларда «Таза аймақ» МУКлардың материаллық-техникалық базасын және де беккемлеў мақсетинде Мәмлекетлик бюджеттиң қаржылары есабынан қаржыландырылыўы нәзерде тутылған бир қатар мәнзилли бағдарламалар тастыйықланды. Оларға муўапық, 3 623 дана турмыслық шығынды контейнери ҳәм 732 дана арнаўлы техника сатып алыў, сондай-ақ, шығынды жыйнаўға мөлшерленген 644 жаңа үлгидеги майданшаны қурыў, қатты турмыслық шығындылар ушын мөлшерленген 143 полигонды тәртипке келтириў нәзерде тутылған.

Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы елимиз Президенти қарарының орынланыўы бойынша берген мәлимлемесинен  соң депутатлардың бир қатар басқа да сораўларына жуўап берди.

Атап айтқанда, депутатлар бүгинги күнде «Таза аймақ» МУК районлық (қалалық) филиалында зәрүр техникалардың жетиспей атырғаны, қосымша түрде қатты ҳәм суйық турмыслық шығындыларды алып шығатуғын, шығындыны жүклеў ҳәм тегислеў техникаларына мүтәжлиги, шәртнамалар ҳәм шығындыларды алып шығып кетиў графиклери, арнаўлы автотранспорт қуралларының бир районнан екиншисине шығындыларды тасыў ушын жумсалыўы, жанылғы-майлаў өнимлери менен жетерли дәрежеде тәмийинленгени менен қызықты.

Орынлардағы үйрениўлер шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығып кетиў бойынша көрсетилип атырған хызметлер ушын тарифлер ҳәр районда ҳәр қыйлы екенин көрсетип атырғаны атап өтилди. Депутатлар  усы тарифлерди белгилеў бойынша бирден-бир қатнасты ислеп шығыў мәселесине итибар қаратты.

Илаж соңында Нызамшылық палатасының комитетлерине усы тараўға байланыслы әмелдеги нызам ҳүжжетлерин ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын  жетилистириў бойынша усынысларды ислеп шығыў усыныс етилди. Соның менен бирге, усы бағдардағы жумыслар бойынша нәтийжели парламентлик қадағалаўды тәмийнлеўге келисип алынды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының Баспасөз хызмети