Пайтахтымызда күшли атлетлер жеңиске еристи

Нөкис қаласында жеңил атлетика бойынша 15-17 жастағы жас өспиримлер арасында «Жаңа Өзбекстан Олимпиада шоққылары» спорт жарысларының аймақлық басқышы болып өтти.

Жарысқа Нөкис қаласы, Хожели, Тақыятас, Әмиўдәрья ҳәм Нөкис районларынан жас атлетлер қатнасты, бир қатар бағдарлар бойынша өз-ара кескин гүрес алып барды.
Қызықлы өткен беллесиўлерде Нөкис қаласы, Хожели ҳәм Әмиўдәрья районлары жасларының жарысқа пуқта таярлықлар көргенлиги айқын көзге тасланды. Атап айтқанда, ядро ылақтырыў бойынша ул ҳәм қыз балалар арасында да әмиўдәрьялы Дилафруз Юрсинова ҳәм Ахрар Атахановтың қолы бәлент келди.

100 метрге қызлар арасында тосықларды атлап жуўырыўда Нөкис қаласынан Айзада Бахытова, 110 метр аралықта ул балалар арасында Хожели спорт мектеби тәрбияланыўшысы Акмал Еримбетов жеңиске еристи. Узынлыққа секириўде нөкисли Айзада Бахытова және бир алтын медальды өзиники етип алған болса, оның командаласы Иззат Юлдашов ул балалар арасында теңсиз деп табылды.
Бийикликке секириў, үш атлап секириў түрлеринде Хожели районынан келген Мийригүл Сәрсенбаева, Адилхан Каримов ҳәм Бахит Орынбаевлар жеңимпазлықты қолға киргизди.
Найза ылақтырыў бойынша ер балалар арасында тақыятаслы Ғайрат Муратбаев ҳәм хожалшы Нигора Қошмуратовлар алтын медаль иесине айланды.
Өткерилген жарыс жуўмағында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом, медаль ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланып, “Жаңа Өзбекстан Олимпия шыңлары” спорт жарысларының Қарақалпақстан Республикасы басқышына жолламаны қолға киргизди.

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы