Ишки ислер министриниң жеке қабыллаўлары қандай нәтийже көрсетпекте?

Ишки ислер министри, генерал-майор Азиз Тошполатов март айында усы лаўазымға тайынланыўы менен пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, халық пенен ашықтан-ашық сөйлесиў орнатыў және олардың мүрәжатларын үйрениў мақсетинде тек ғана өзиниң емес, ал барлық аймақлық ишки ислер уйымлары басшыларының жеке қабыллаўларын шөлкемлестириўди жолға қойды.
Жәмийетте ашық-айдынлықты тәмийинлеў, халық пенен тиккелей сөйлесиў арқалы олардың машқалаларына шешим табыўға қаратылған әмелият бир неше жыл бурын кеңнен жолға қойылған еди. Бирақ арада мәмлекетлик уйымлардың биринши басшыларының жеке қабыллаўы негедур азайып кетти.

Қабыл етилген мүрәжатлардан 187 и (38 проценти) тийисли ҳуқықый тийкарлар менен унамлы шешилди. Қалған 304 мүрәжат (62 проценти) бойынша комплексли үйрениў талап етилиўи себепли орынланыўын қадағалаўға алыў ҳәм шешимин тәмийинлеў бойынша арнаўлы ўазыйпалар жүкленди.
Халық пенен ашықтан-ашық сөйлесиўди шөлкемлестириў, пуқаралардың дәрти ҳәм тәшўишлерин тыңлаў ҳәм оларды шешиўге бағдарлаў – мәмлекетлик уйымлар, әсиресе, ишки ислер уйымлары жумысының баслы нормасына айланып атырғаны қуўанышлы.
Усы жерде жеке қабыллаўлар қандай нәтийже көрсетпекте, деген орынлы сораў туўылады. Себеби нәтийжелери анық болмай атырған, яғный қосымша үйрениўди талап ететуғын мүрәжатлар көпшиликти қурамақта. Олардың тәғдири не болғаны алдағы қабыллаўларда ашылып барылса, бул сораўға толық жуўап тапқан болар едик.
Норгул Абдураимова,
ӨзА