Эксперт ШБШ мәмлекетлерин Аўғанстан бағдарындағы ҳәрекетлерди муўапықластырыўға шақырды

Ню-Дели қаласында Ҳиндстан халықаралық ислер кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген ШБШ аналитикалық орайлары форумының ХХ мәжилиси болып өтти.
Илаждың темасы “ШБШ: регионды “Дүнья – бирден-бир шаңарақ” руўхында трансформациялаўға қарай” болды.
Форумда ШБШға ағза мәмлекетлерден 30 дан аслам экспертлер, соның ишинде, Беларусь, Ҳиндстан, Иран, Қытай, Россия, Тәжикстан ҳәм Өзбекстанның жетекши миллий таллаў ҳәм изертлеў орайларының басшылары ҳәм ўәкиллери, сондай-ақ, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Секретариатының делегациясы қатнасты.
Мәжилис қатнасыўшылары ШБШ жумысының тийкарғы бағдарлары бойынша ҳәр тәреплеме ҳәм конструктивлик пикир алысты. Сиясат ҳәм қәўипсизлик тараўында стратегиялық сөйлесиўди беккемлеў, экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў, санаат кооперациясы тараўында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў, мәдений-гуманитарлық байланысларды тереңлестириў, сондай-ақ, ШБШның әҳмийетли эксперт платформасы сыпатында таллаў орайлары форумыныӊ жумыс нәтийжелилигин арттырыў мәселелери додалаў орайында болды.

Илаж жуўмағында мәжилистиң жуўмақлаўшы протоколы қабыл етилип, онда ШБШға ағза мәмлекетлердиң күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша келисилген көзқараслары өз көринисин тапты. Белгиленген тәртипке муўапық, 2025-2026-жылларға мөлшерленген форумға басшылық рәсмий түрде Иран Ислам Республикасының ШБШ Миллий изертлеў орайына өтти.
Биринши сессия шеңберинде “ШБШ ролин кеңейтиў: қәўипсиз ҳәм турақлы регионның жәмийетшилик көзқарасларын алға қойыў” атамасында СРИИ директорының орынбасары Бахтиёр Мустафоев баянат жасады. Ол өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Аўғанстан менен бирге ислесиў ШБШ регионында қәўипсизликти тәмийинлеўдиң тийкарғы факторы екенин атап өтти.
Сондай-ақ, эксперт жақында Термиз қаласында еки регионның жетекши сиясий-эксперт топары ўәкиллериниң қатнасыўында Орайлық ҳәм Қубла Азияның регионлараралық өз-ара байланыслылығы бойынша Термиз сөйлесиўи болып өткенине қатнасыўшылардың итибарын қаратты. Бул илаж Өзбекстанның Аўғанстанды регионаллық кооперация процесслерине тартыў, Аўғанстан аймағында узақ мүддетли тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў ушын зәрүр болған социаллық-экономикалық шараятларды жаратыў бойынша избе-из ҳәрекетлериниң логикалық даўамы болғаны айтылды.
Б.Мустафоевтың атап өткениндей, турақлы Аўғанстан үлкен экономикалық перспективаларды ашады. ШБШ мәмлекетлери ушын бул, бәринен бурын, транспорт жөнелислерин диверсификациялаў, өз-ара байланыслы регионаллық экономикалық модельди қәлиплестириў ҳәм саўда-экономикалық байланысларды күшейтиў имканияты болып есапланады. Соның менен бирге, ҳәзирги заманымыздың барған сайын күшейип атырған көп тәреплемели қәўип-қәтерлери шараятында ШБШға ағза мәмлекетлерден және де көбирек исеним, аўызбиршилик ҳәм стратегиялық жақтан пуқта ойланған бирге ислесиў талап етилмекте.
Усы мүнәсибет пенен Б.Мустафоев биргеликтеги ҳәрекетлерди еки тийкарғы бағдарға қаратыў зәрүрлигин атап өтти.
Бириншиден, СРИИ ўәкили “ШБШ – Аўғанстан” сөйлесиў топарының жумысын қайта тиклеў керек, деп есаплайды. Бул механизм Аўғанстан күн тәртиби бойынша келисилген шешимлерди табыўдың нәтийжели қуралы сыпатында өзин ақлады. Топардың жумысын жанландырыў ШБШның Аўғанстандағы жағдайды турақластырыў бойынша тийкарғы регионаллық платформа сыпатындағы ролин тиклейди. Ең әҳмийетлиси, бул формат арқалы ШБШға ағза мәмлекетлер Аўғанстандағы гуманитарлық кризисти жылаўлаў бойынша өз-ара бирге ислесиўди муўапықластырыў әмелиятын қайтарады.
Екиншиден, СРИИ директоры орынбасарының пикиринше, Аўғанстанды системалы социаллық-экономикалық қоллап-қуўатлаў зәрүр. Усы көзқарастан, ШБШ қатнасыўшылары Термизде жаратылған заманагөй инфраструктурадан белсене пайдаланыўы мүмкин. Аўған жаслары ушын билимлендириў бағдарламалары, денсаўлықты сақлаў тараўындағы жойбарлар ҳәм гуманитарлық бағдардағы басқа да басламалардың әмелге асырылыўы ШБШның Аўғанстанның жуўапкершиликли ҳәм узақ мүддетли доноры сыпатындағы әҳмийетин арттырады.
ӨзА