Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы товар алмасыўдың көлеми 1,4 миллиард долларға шамаласты

2025-жыл январь-апрель айларының жуўмағына бола, Қазақстан Өзбекстанның жетекши саўда шериклери үшлигинде қалды, деп жазбақта “Казинформ” агентлиги.
Мәмлекетимиздиң Миллий статистика комитети усы жылдың дәслепки 4 айында сыртқы саўда айланысы өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 16,3 процентке өскени, бүгинги күнде Өзбекстан 183 мәмлекет пенен саўда қатнасықларын жолға қойғаны ҳаққында жазған.
Тийкарғы бирге ислесиўшилер арасында Қытай жетекши: Бул мәмлекет пенен “алыс-берис” 4,1 миллиард доллардан артты. Бул улыўма муғдардың 17 процентине тең. Россия менен экспорт-импорт көрсеткиши 15,1 процент – екинши нәтийже.
Үшинши ири шерик – Қазақстан менен товар ҳәм хызметлер алмасыў баҳасы болса 1,4 миллиард долларға шамаласты. Өсиў өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 168 миллион долларды қурады.
Экспорт-импорт қатнасы сәйкес түрде 986,8х405,7 миллион доллар.
Астана ҳәм Ташкент өз-ара саўданы жылына 10 миллиард долларға жеткериў нийетин билдирген. Усы мақсетте Қазақстан ҳәм Өзбекстан арасында қосымша 4 саўда коридоры иске қосылады.
Өткен жылы жәми алмасылған өним ҳәм хызмет баҳасы 4,2 миллиард доллардан асқан.
Қарақалпақстан хабар агентлиги