Самарқанд Ислам дүньясының мәденият пайтахтына айланады

Ислам дүньясы билимлендириў, илим ҳәм мәденият шөлкеми (ICESCO) бас директоры Салим бин Муҳаммад Ал-Малик Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов пенен ушырасты. Бул ҳаққында “Ал-Арабия” басылымы жазған.
Сөйлесиў даўамында кеңейип баратырған бирге ислесиўдиӊ жағдайы бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды. ICESCO тәрепинен әмелге асырылып атырған перспективалы басламалар, соның ишинде, 2025-жылдыӊ Самарқанд қаласы Ислам дүнясының мәденият пайтахты сыпатында белгиленетуғыны атап өтилди.
“Ислам дүньясының мәдений мийрасы: кальлиграфия, музыка, поэзия ҳәм аўызбиршилик” атамасындағы конференцияда жоқары дәрежедеги рәсмийлер, соның ишинде, ICESCO қурамындағы мәмлекетлердиң мәденият министрлери, халықаралық шөлкемлер ҳәм мәкемелердиң жуўапкерлери қатнасатуғыны атап өтилди.
Усы мүнәсибет пенен ICESCO Бас директоры доктор Салим бин Муҳаммад Ал-Малик бир жыл даўамында ICESCO тәрепинен республикамыздың тийисли министрликлери, уйымлары менен биргеликте шөлкемлестирилетуғын бай, рәңбәрең бағдарламалар, илажлар шөлкемлестирилиўи, басламалар алға қойылыўына итибар қаратты. Бул ҳәрекетлер қаланың бийтәкирар мәдений-тарийхый мийрасын таныстырыў, ислам дүньясы цивилизациясындағы жетекшилик ролин және бир мәрте тастыйықлаўдан ибарат.
Муҳаррама Пирматова, ӨзА