Кегейлиде ең күшли футбол командалары сыйлықланды

323

Кегейли районында спорттың футбол ҳәм киши футбол түри бойынша ер балалар ҳәм қызлар арасында өткерилген «Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги» жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Илажға район ҳәкими А.Камалов, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети районлық бөлими баслығы З.Ботиров, район прокуроры И.Абдуллаев ҳәм спортшы-жаслар қатнасты.

Сыйлықлаў кешесинде сөзге шыққанлар жеңимпазларды қутлықлап, бул илажлар мәҳәллелердеги жаслардың саламатлығын арттырыў, жасларымызды ғалаба түрде спортқа қамтыў мақсетинде өткерилип атырғанлығын атап өтти ҳәм ең шаққан, ең күшли деп табылған командалар мүнәсип сыйлықланды.

Киши футбол бойынша Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги жарысында, қызлар арасында биринши орынды Абат аўыл пуқаралар жыйыны командасы жеңип алған болса, екинши ҳәм үшинши орынлар Жаңабазар ҳәм Жүзимбағ елатлары командаларына несип етти.

Ал, жигитлер арасында болса, алтын медальды Мәденият мәкан пуқаралар жыйыны жаслары жеңип алды.

Сыйлы екинши ҳәм үшинши орынларды  Бахытлы ҳәм Жаңабазар елатлары командалары ийелеўге еристи.

Футбол бойынша өткерилген жарыс жуўмағында,  ақтубалы жаслар барлық қарсыласларын жеңип шығып, кубок ийесине айланды.

Халқабад ҳәм Мәденият МПЖ командалары гүмис ҳәм қола  медальларына ылайық деп табылды.

Жарыс соңында жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом, медаль, кубок ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.  Сондай-ақ, сыйлықлаў мәресиминде Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубогинде ойынларды әдил басқарып барғаны ушын төрешилер қурамы ағзаларына естелик саўғалар тапсырылды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы