Биргеликте жаңа спектакль сахналастырылады
418

Алдын хабар берилгениндей, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры жәмәәти Түркияның Стамбул қаласында өткерилип атырған “7-Этноспорт” мәденият фестивалында қатнаспақта.
Фестиваль шеңберинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының директоры П.Мамутов ҳәм Түркия Республикасы Стамбул қаласындағы “Tiyatro Kayfi” театрының директоры Кемал Башар арасында меморандум дүзилди.

Меморандумға муўапық, август айында түркиялы дөретиўшилер Қарақалпақстанға дөретиўшилик сапар менен келип, жаңа спектакль сахналастырыўды келисип алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги