Киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери менен ашық пикирлесиў өткерилди

222

Өзбекстан Республикасы Салық комитети баслығының орынбасары У.Садуллаев, Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасының баслығы Х.Бекчанов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Б.Сейтназаровлар Кегейли районындағы исбилерменлер менен  ашық сәўбетлесиў өткерди.

Ушырасыў даўамында салық сиясатындағы жаңалықлар, әмелдеги ставкалар, исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаўшы жеңилликлер ҳаққында толық мағлыўматлар берилди.




Ушырасыўда исбилерменлерден жеңилликлерден пайдаланыў, ҚҚСты қайтарыў ҳәм салық есабатларын тапсырыўға байланыслы мүрәжатлар келип түсти.

Ушырасыў даўамында исбилерменлер тәрепинен көтерилген мәселелердиң көпшилигине сол жердиң өзинде шешим табылды, айырымлары бойынша жуўапкер қәнигелер бириктирилди.

Үйренилиўи тийис болған машқалалар бойынша анық илажлар белгиленип, олардың орынланыўы Салық комитети баслығының орынбасары тәрепинен жеке қадағалаўға алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги