Инсанның түси қалай жазып алынады? (+видео)

226

Японияның алдынғы илимий орайларынан бири болған Киото қаласындағы ATR Computational Neuroscience лабораториясы инсан санасының ең сырлы қатламларынан бири – түслер әлемине кириў жолын ашыўшы технологияны ислеп шықты.

Бул технология арқалы инсан мийиниң жумысы тийкарында көрилген түслерди жазып алыў ҳәм визуал түрде қайта тиклеў имканияты жүзеге келмекте.

Бул технология неврология, жасалма интеллект ҳәм сүўретлерди қайта ислеў тараўындағы ең соңғы жетискенликлерге тийкарланады. Система ислеўи даўамында инсан мийиниң жумысы магнит-резонанс томографиясы (MRI) жәрдеминде бақланып, түс ўақтында пайда болатуғын визуал сигналлар арнаўлы алгоритмлер арқалы декодланады. Кейин бул мағлыўматлар тийкарында көрилген түстиң шама менен визуал көриниси тикленеди.

Интернет пайдаланыўшылары арасында бул технологияға үлкен қызығыўшылық бақланбақта. Қәнигелер бул қатнас келешекте психологиялық жағдайларды терең таллаў, түслер тийкарындағы кеселликлерди анықлаў ҳәм сана асты процеслерин үйрениўде жаңа шеклерди ашатуғынын атап өтпекте.

Соның менен бирге, бул технология әтирапында әдеп-икрамлылық ҳәм жеке қол қатылмаслық пенен байланыслы сораўлар да жүзеге келмекте. Түслер – инсанның ең жеке ҳәм нәзик тәжирийбелери есапланады. Оларға кириў ҳәм оларды жазып алыў имканияты қандай нормалар тийкарында тәртипке салыныўы керек екенлиги бойынша еле көплеген додалаўлар күтилмекте.

Әлбетте, бул жетискенлик инсан санасының терең қатламларын үйрениў жолында әҳмийетли қәдем болып, келешекте неврология ҳәм жасалма интеллект тараўларында жаңа революциялық шешимлерге түртки болыўы мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги