Музыкашылардың көриниси сәўлеленген фриз –  эрамызға шекемги  I әсирге тийисли естелик. Ол 1937-жылы Сурхандәрья ўәлаятының Айрытам орнында алып барылған археологиялық қазылмалар ўақтында табылған.

Чанг ҳәм уд саз әсбапларын шертип атырған ҳаяллар сәўлеленген естелик ҳәзирги ўақытта Санкт-Петербургтағы Эрмитаж мәмлекетлик музейинде сақланады. Усы сыяқлы тарийхый затлар диярымызда музыка илими жүдә көп әсирлер бурын қәлиплескенинен дәрек береди.

Мақам көркем өнериниң тарийхы ҳаққында баҳалы мағлыўматлар беретуғын фотосүўретлер менен ҳүжжетлер…

Булардың барлығы менен Шаҳрисабз қаласында шөлкемлестирилген мақам музейинде танысыў мүмкин.

Бул жердеги экспонатларды тамаша етип, бабаларымыздың музыка өнери мийрасы менен танысасыз. Олар әмелге асырған ийгиликли жумыслар кеўлимизден кешеди. Тийкарында бул музейди шөлкемлестириўден мақсет те сол. Келешек әўладларды халқымыздың бай көркем өнер тарийхынан, үлкен музыкалық мийрасынан кеңирек хабардар етиў болып табылады.

– Музейлер материаллық ҳәм мәнаўий мийрасты сақлаў, оны әўладлардан әўладларға жеткериўге хызмет етеди, – дейди Өзбекстан Республикасы мәденият министриниң орынбасары Камола Оқилова. – Мақам музейине кирген адам мақамның қалай қәлиплескени, қандай түрлери бар екени, оның тарийхы қандай болғаны, атқарыўшылары кимлер екени, оны атқарыўда қандай саз әсбапларынан пайдаланылғаны, улыўма, мақам ҳаққында толық мағлыўматқа ийе болады. Мәкеме бес бөлимнен ибарат. Биринши бөлим музыка тарийхы, деп аталады. Себеби Өзбекстан аймағында музыка көркем өнери мақам менен байланыслы. Буны үлкемизден табылған тарийхый затлар дәлиллеп тур. Мәселен, зороастризм дини менен байланыслы остадонлар. Оларда арфа саз әсбабын шертип атырған ҳаял сүўретленген. Бул естеликтиң түп нусқасы Санкт-Петербургтағы Эрмитаж мәмлекетлик музейинде сақланады. Музейимизге оның көширме нусқасы қойылған.

Қәнигелердиң атап өтиўинше, мақам көркем өнериниң раўажланыўы үш-төрт дәўирге бөлинеди. Биринши тарийхый дәўир – XIII әсирге шекем. Бул дәўирде мақам жақсы раўажланған. Екинши дәўир – XIII-XV әсирлер, яғный Мырза Улығбек дәўири болып, онда мақам системалы түрде раўажланған. Үшинши дәўир XVI-XIX әсирлер болып, онда мақамда жергиликли өзгешеликлерди көриў мүмкин. Сонлықтан, музейдеги биринши бөлим мақамның тарийхына бағышланған болса, екинши бөлим Бухара шашмақамы, деп аталған. Кейингиси болса Ферғана – Ташкент мақамы, соң Хорезм мақамы бөлими менен танысыў мүмкин. Соңғысы XX әсирде қәлиплескен Сурхандәрья – Қашқадәрья мақамы бөлими болып табылады.

Ўлмас БАРОТОВ,

ӨзАның хабаршысы