2024-жылы зергерликте ислеп шығарыў 200 миллион доллардан асты, экспорт 17 процентке өсип, 92 миллион долларға жетти.

240

Соның менен бирге, мәмлекетимизде жылына 100 тоннадан аслам алтын қазып алынып атырғаны менен имканиятлардың оннан бири де иске қосылмай атырғаны атап өтилди.

Тараўда «жасырын» экономиканың үлеси жоқары екени көрсетип өтилди. Жылына 550-600 миллион долларлық буйымлар рәсмий емес алтын базарларында айланбақта. Ямаса, бийғәрез излеўшилер 2020-жылы 40 килограмм алтын тапсырған болса, өткен жылы бул 100 есеге азайған.

Мәжилисте тараўды «саядан» шығарыў ушын жеке тәртиптеги исбилерменлерге де алтын буйымлары менен саўда етиўге руқсат бериў, зергерликте миллий бренд жаратыў ушын сырт елден дизайнер, технолог, қымбат баҳалы таслар менен ислейтуғын геммологларды алып келиў қәрежетиниң бир бөлегин қаплаў бойынша усыныслар билдирилди.

Мәмлекетимиз басшысы бул усынысты мақуллады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги