«Аспаныў пәлеклерде» – Хайриддин Султаннан әдебият ықласбентлерине жаңа саўға

274

Устаз дөретиўши, белгили жазыўшы Хайриддин Султанның шығармалары халықшыл, баянлаў усылы, өмир шынлығы, инсан руўхыятының қурамалы өзгерислерин жарқын ҳәм оғада тәсиршең, бийтәкирар тәризде ашып бериўи, жетик көркемлиги менен дыққатқа ылайық. Бул тәреплер белгили жазыўшының жақында ғана басып шығарылған «Аспаныў пәлеклерде» атлы китабында да өзиниң айқын көринисин тапқан.

Пайтахтымыздағы «Ренессанс» көркем өнер сарайында устаз жазыўшы Хайриддин Султанның «Аспаныў пәлеклерде» атамасындағы китабының презентациясы болып өтти.

Оған мәмлекетимиздиң дөретиўши зыялылары – белгили жазыўшы ҳәм шайырлар, илимпазлар, әдебият ықласбентлери, руўхыйлық тараўының белсендилери ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Илажда атап өтилгениндей, бүгинги күнде Жаңа Өзбекстанда Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында барлық тараўлар қатарында илим, тәлим-тәрбия, мәденият, көркем өнер ҳәм әдебият, китап ҳәм китапқумарлықты раўажландырыў бағдарында жаңадан-жаңа басламалар алға қойылмақта.

Жәмийетимизде халықтың мәдений дәрежесин ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыўға байланыслы әҳмийетли ҳүжжетлердиң орынланыўын тәмийинлеў бойынша басланған үлкен жумыслар, миллий бағдарламалар избе-из даўам еттирилмекте. Мәмлекетимиз басшысының халқымызды китапқумар миллетке айландырыўға байланыслы ийгиликли умтылыслары мәмлекет көлеминде кеңнен ен жайып, улыўма миллий ҳәрекетке айланғаны итибарға ылайық.

«Өзбекстан – 2030» стратегиясының тийкарғы мақсетлеринен бири де жаслардың руўхый дүньясын жетелистириўдиң әҳмийетли шәрти сыпатында китапқумарлықты раўажландырыў ҳәм үгит-нәсиятлаўдан ибарат екени бәршеге белгили. Бул ибратлы баслама болса елимизде халқымыз, әсиресе, жас әўладтың китапқа болған қызығыўшылығын күшейтиўге мәмлекетлик сиясат дәрежесинде итибар қаратылып атырғанының айқын көриниси болып есапланады.

Әне усы ийгиликли мақсетте мәмлекетимиз көлеминде «Жас китапқумар,» «Зейинли китапқумар,» «Жас китапқумар шаңарақ» сыяқлы қызықлы таңлаўлар, «Жаслар ушын мың китап,» «Билим таратып,» «Китап кәрўаны» акциялары, китап байрамлары ҳәм ярмаркалары, әдебият ҳәптеликлери турақлы шөлкемлестирилмекте.

Жақында Ферғана ўәлаятында Халықаралық китапқумарлық фестивалы жоқары дәрежеде шөлкемлестирилип, оған дүньяның 50 ден аслам мәмлекетинен китапқумарлар, белгили шайыр ҳәм жазыўшылар, зыялылар қатнасқаны Өзбекстанда китапқумарлық, миллий әдебият, көркем дөретиўшиликтиң раўажланыўы жолындағы үлкен итибардың әмелий нәтийжеси болып есапланады.

Мағлыўматларға қарағанда, бүгинги күнде елимизде 600 ден аслам баспа, 700 ге шамалас китап дүканы, соның менен бирге, китап жеткерип бериў хызметлери ҳәм онлайн саўда платформалары жумыс алып бармақта.

Бул болса мәмлекетимиз басшысының китапқумарлықты раўажландырыўға байланыслы ибратлы идеялары турмыста өзиниң әмелий көринисин таўып атырғанын көрсетпекте. Миллий әдебиятымыз, китапқумарлықтың раўажланыўына қаратылып атырған итибар көркемлик жақтан жетик жаңа шығармалардың жаратылыўында тийкарғы фактор болмақта.

Устаз дөретиўши, белгили жазыўшы Хайриддин Султан қәлемине тийисли «Аспаныў пәлеклерде» атлы китап өзбек әдебиятында дерлик жарытылмаған тема – ушыўшылар турмысына бағышланғаны менен дыққатқа ылайық. Ўатанласларымыз символикалық мәниде ҳәм ҳәўес етип «аспан лашынлары» деп атайтуғын машақатлы кәсип ийелериниң турақлы мәртлик ҳәм жигерлиликти талап ететуғын жумысы, олардың айрықша жағдайлардағы кеўил кеширмелери, исеним ҳәм ерк-ықрары, муҳаббат ҳәм парызға садықлық сезимлери терең драматизм менен сүўретленеди.

Күтилмеген, кескин ўақыяларға бай, кескин сюжет бағдарына ийе гүрриңлерде бас қаҳарманлардың руўхый мәртлиги ҳәм адамның әззиликлери, инсаният руўхыятының сырлы жумбаклары тәкирарланбас характерлер тымсалында көринеди.

Таныстырыў мәресимине уллы жазыўшымыз Абдулла Қадирийдиң: «Ҳәзирше, биз жаңа дәўирге қәдем тасладық, биз ҳәр тәреплеме усы жаңа дәўирдиң жаңалықларына ерисемиз ҳәм жаңаланыўға өзимизде миннетлеме сеземиз,» деген сөзлери бас идея сыпатында таңланғанында терең символикалық мәни бар.

Китап презентациясына бағышланған әдебий әнжуман оғада қызықлы, пайызлы, жаңаша мәни ҳәм мазмунға бай тәризде шөлкемлестирилгени менен дыққатқа ылайық болды.

Театрластырылған сахналар, прозалық, поэзиялық ҳәм музыкалық таллаўлар, кино көринислери таныстырыўда қатнасқан дөретиўшилерде умытылмас тәсир қалдырды.

Презентация Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Мәденият министрлиги, Кинематография агентлиги, Руўхый-ағартыўшылық орайы, «Uzbekistan Airways» компаниясы ҳәм Көркем өнер академиясы менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Тема ҳәм ўақыяға қатнас жасаў, формасы жағынан да жаңаша талқынға ийе бул китап «Әдебият» баспасы тәрепинен басып шығарылған.

Бир сөз бенен айтқанда, белгили жазыўшы Хайриддин Султанның «Аспаныў пәлеклерде» шығармасы әдебиятқа, жақсы китапқа меҳири бәлент ўатанласларымыз ушын және бир саўға болды.

Н.Усмонова, ӨзА