Ертеңги күн ушын ǝҳмийетли басламалар бүгиннен басланды

Мүнәсибет
«Президент басламасы тийкарында Қарақалпақстан делегациясы ǝмелий сапар менен Бирлескен Араб Әмирликлерине барды» мазмунындағы хабарларды өткерип жиберген кимсе жоқ шығар, ел-халық болып хызмет сапары шеңберинде ерисилген келисимлер, инвестициялық жойбарлар ҳǝм бирге ислесиȳ бойынша қол қойылған ҳүжжетлерди дыққат пенен бақлап барып атырмыз. Ҳǝр бири ертеңги күн ушын ǝҳмийетли басламалар, бири экология, билимлендириȳ, илим, аȳыл хожалығы, басқасы медицина, жаңа технологияларды раȳажландырыȳға бағдарланған. Қулласы, биз бул келисим, дослық ушырасыȳлардың тек ғана қағазларда мөҳирлениȳи яки статистика ушын емес, инсан мǝплери, халқымыздың жақсы, пǝрǝȳан турмыс кешириȳине тасланып атырған нық қǝдемлер деп билемиз.
Усы орында Бирлескен Араб Әмирликлерин жай ғана географиялық жақтан Азияда жайласқан, нефть-кǝнге бай, туризм ошақларынан бирине айланған локация сыпатында емес, бǝлки ϴзбекстанның ең жақын досты, бир неше жыллық шериклеси деп қараȳ ҳǝр тǝреплеме өзин ақлайды деп есаплаймыз. Себеби, мǝмлекетимизде БАӘ менен бирге исленип атырған жумыслар, жойбарлар талай ғана, олардың ҳǝр бири еки мǝмлекет мǝпи ушын теңдей хызмет етип атыр. Усындай ҳǝр еки тǝрепке де қолайлы, пайда келтиретуғын жойбарлар шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығы Аманбай Орынбаев басшылығындағы делегация ағзалары «2 Point Zero» компаниясы атқарыȳшы директоры Марям АлМхеири менен ушырасты. Онда Қарақалпақстанның инвестициялық потенциалы, экономикалық көрсеткишлери, перспективалары халықаралық жойбарларды ǝмелге асырыȳ бойынша жаратылған шараятлары ҳаққында сǝȳбетлесилди. Соң компанияның финанслық хызметлер, жасалма интеллект, санлы трансформация бағдарында алып барып атырған жумыслары бойынша бирге ислесиȳ усыныслары ортаға тасланды. Әсиресе, Қарақалпақстандағы жер асты кǝнлеринде геологиялық излеȳ жумысларын биргеликте алып барыȳ ҳǝм экологиялық қǝȳипсиз өзлестириȳ, еки мǝмлекет университетлери, илимий мǝкемелери менен изертлеȳ орайларын ашыȳ бойынша да усыныс, тилеклер ашық тǝризде билдирилди.
Әлбетте, бундай басламалар аймақтың экономикалық, билимлендириȳ ҳǝм техникалық жақтан еле де раȳажланыȳын тǝмийинлейди, жаңа инвестициялық жойбарлардың елимизге «кирип келиȳи»не кең жол ашады. Буны усы елдиң ҳǝр бир пуқарасы жүрек-жүрегинен сезингендей, Қарақалпақстан делегациясының БАӘне хызмет сапары кең додаланып, жақсы пикирлерге себеп болып атыр. Буны көше-күйде, мǝкемелер ҳǝм ислеп шығарыȳ кǝрханалары, базарларларда шоқ-шоқ болып, жыйналысып пикирлес болған адамдардың сөзлери, көзлеринен де байқаȳ мүмкин. Темаға байланыслы жǝрияланған контентлердиң астына жазылған жыллы «комментлер»де пикиримизди дǝлиллейди. Демек, жаңа дǝȳир адамлары елимизде алып барылып атырған реформаларға бийжөн қарамайды, оларды өз тǝғдирлери менен тутас көреди.
Бүгинги күнде экологиялық жақтан климаты аȳыр аймақлар қатарына киретуғын Қарақалпақстанда медицинаны раȳажландырыȳ актуал мǝселе. Айырым аȳыр түрдеги кеселликлерге қарсы гүресиȳ ушын бизге бириншиден еле де күшли, тǝжирийбели қǝнигелер зǝрүр, екиншиден заманагөй медициналық аппаратлар керек. Жоқарғы Кеңес баслығы А.Орынбаевтың «Burjeel holdings» медициналық хызмет көрсетиȳ компаниясы ȳǝкиллери менен ушырасыȳы тосыннан болған емес, бул узақты гөзлеп исленген ǝмелий ҳǝрекет. Себеби, онда тараȳ ушын қǝнигелерди таярлаȳ, диагностика, профилактика, жергиликли шыпакерлердиң билимин еле де жетилистириȳ бойынша тǝжирийбе алмасыȳға келисип алынды. Әсиресе, Қарақалпақстандағы ҳаяллар арасында ушырасатуғын көкирек бези рагы кеселлигин ерте басқышларда анықлаȳшы мобиль маммография үскенесин жеткерип бериȳ бойынша өз ара келисимге келинди. Бундай қоспа жойбардың барлығы, ǝлбетте инсан мǝпи, халықтың разылығы ушын исленип атырғанын жǝне бир мǝрте дǝлиллейди. Ал, делегация ағзаларының «Life Pharma» компаниясы менен фармацевтика тараȳын раȳажландырыȳ, Қарақалпақстанда өсетуғын дǝрилик қǝсийетке ийе боян тамырды қайта ислеȳ бойынша жойбарды ǝмелге асырыȳ мǝселесиниң көрип шығылыȳы түп-тамырында да топырағы қунарлы, жери шыпалы Қарақалпақстандағы өсимликлер дүньясынан утырлы пайдаланыȳдай үлкен мақсет гөзленген. Көкиреги ояȳ, кеȳил көзлери ашық ҳǝр бир инсан бундай узаққа бағдарланып алып барылып атырған бирге ислесиȳдиң мазмунын терең аңлайды, ҳǝттеки оларға тилеклес те болады.
Усындай хызмет сапарының екинши күни де ǝмелий ушырасыȳларға бай өткенлигиниң гүȳасы болдық. Онда Жоқарғы Кеңес баслығы Аманбай Орынбаев БАӘниң Миллий метеорология орайында болып, климатлық бақлаȳлар базасын жаратыȳ, қурғақшылық шараятында жаȳын-шашынды модификациялаȳ технологияларын енгизиȳ мǝселелери бойынша бир неше келисимлерге еристи. Соң «Халифа Бин Зайед Ал Наҳаян» фонды басшылары менен сөйлесип, Нөкис қаласында қурылып атырған «Аналар ҳǝм балалар орайы»н тезирек иске қосыȳды жеделестириȳ бойынша анық усынысларын билдирди.
Улыȳма алғанда, Қарақалпақстан делегациясының Бирлескен Араб Әмирликлерине ǝмелий сапары даȳамында аймақта шығындыны қайта ислеȳ, суȳды үнемлеȳши технологиялардан пайдаланыȳ, мобиль түрдеги электростанцияларды қурыȳ сыяқлы мǝселелер де додаланды. Бир қатар компаниялар менен 660 млн. долларлық келисимге қол қойылды. Бундай көлемдеги қоспа жойбар, басламалар жай айтар аȳызға аңсат, ǝдетте тилимиздиң бир ушынан шығып та кетиȳи мүмкин. Бирақ, ҳǝр бир реформа, келисимниң артында турған сонша мийнет, уйқысыз түнлер, жуȳырып-жортыȳлар бар екенлигин ҳасла естен шығармаȳымыз керек!
Мухтар Ибрагимов,
Қарақалпақстан Республикасы
Жоқарғы Кеңесиниң депутаты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги