“Хош бол, баслаўыш класс!”

339

Нөкис қаласындағы 23-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 4-“А” класс оқыўшылары ушын умытылмас күн болды. Себеби, олар “Хош бол, баслаўыш класс!” атамасындағы байрам илажында биринши мектеп басқышы – баслаўыш классты жуўмақлады.

Класс басшысы Гүлнара Калбаева тәрепинен шөлкемлестирилген бул кешеде оқыўшылар қосық оқып, аяқ ойынға түсип, сахналық көринислер ҳәм жанлы қосықлар арқалы бул илажға жыналған ата-аналарына, туўысқанларына үлкен қуўаныш бағышлады.

Илаж даўамында балалар дәслепки устазларына ҳәм ата-аналарына миннетдаршылық билдирди. Мектеп басшылары тәрепинен оқыўшыларға естелик саўғалары тапсырылды. Олардың жетискенликлери атап өтилип, келеси билимлендириў басқышында үлкен табыслар тиледи.

Бул илаж оқыўшылар турмысындағы әҳмийетли басқышлардан бири болып, олардың мектепке болған сүйиспеншилигин және де беккемлейди. Енди олар жаңа классқа 5-классқа қәдем қойыў алдында. Байрам болса жүреклерде жыллы естелик сыпатында сақланып қалады.


 

Бийбисара Жартыбаева, ҚМУ 1-курс магистранты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги