Исбилерменлердиң машқалалары унамлы шешилмекте

Шымбай районы ҳәкимлигинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың Тахтакөпир, Қараөзек, Бозатаў, Кегейли ҳәм Шымбай районындағы исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалар ҳәм усыныслары бойынша көшпели қабыллаўы болып өтти.
Дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы бүгинги күнде мәмлекетимиз басшысы тәрепинен Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў, инвестициялық тартымлылықты арттырыў бойынша айрықша қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлары тийкарында жаратылған имканиятлар бойынша кең түрде атап өтти.
Буннан соң исбилерменлердиң мүрәжатлары тыңланып, орнында шешимин табыў илажлары көрилди.
Қабыллаўда тийкарынан исбилерменликти раўажландырыў бағдарында ушырасып атырған машқалалар, қаржыландырыў ҳәм кредит ажыратыў мәселелери, кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў, жер орынларын ажыратыў, өндиристи кеңейтиў бағдарында мүрәжатлар билдирилди.
Билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди.

Ал, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар болса, Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы