Жыл ушын белгиленген ўазыйпалар додаланды

454

Әмиўдәря районындағы «Амат Тўраев» атындағы фермер хожалығының атызында “Насослардың энергия үнемлеўшеңлигин, электр энергиясы тәмийнатында альтернатив энергияның үлесин арттырыў” бойынша әмелий семинар өткерилди.

Илажда район ҳәкимлериниң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасарлары, “Суў жеткерип бериў хызмети” МК, районлық фермер хожалықлары кеңеси, энергия үнемлеўши насос агрегатлары ҳәм қуяш панельлерин орнатыў белгиленген ҳәм орнатыў бойынша өз қәлеўин билдирген кластер кәрханалары, фермер хожалықларының басшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Семинарда Әмиўдәря районы ҳәкими С.Хожаметов, Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министри Б.Юсупов шығып сөйлеп, фермер хожалықлары есабындағы насослардың электр энергиясы талабы ушын қуяш панельлерин орнатыў бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳәм белгиленген ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басшылығында 2024-жыл 7-ноябрь күни аўыл хожалығында суў ҳәм энергия дәреклеринен ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм шығынларды азайтыў илажлары бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде 2025-жыл – суў хожалығында “Насослардың нәтийжелилигин арттырыў жылы”, деп белгиленген. Жоқарыда келтирилген мәжилистиң 48-санлы протокол тапсырмасында ҳәр жылы 1000 фермер хожалығын жаңа системаға өткериў, онда фермер хожалықларына тийисли насослардың энергия үнемлеўин тәмийинлеў, альтернатив энергия үлесин арттырыў ҳәм насос арқалы суўғарылатуғын жер майданларын лазерли тегислеў сыяқлы ўазыйпалар белгиленгенлиги атап өтилип, әмелге асырылатуғын жумыслар додаланды.

Семинарда район ҳәкимлери ҳәм “Суў жеткерип бериў хызмети” мәмлекетлик кәрханасы директорларының семинар күн тәртибиндеги мәселелери бойынша мәлимлемелери тыңланды. Сондай-ақ, насос агрегатларына үнемли усылларды енгизген фермерлер нәтийжелилиги ҳаққында мағлыўматлар берди.

Өткерилген көргизбели семинарда насос агрегатлары ушын жумсалатуғын электр энергиясын альтернатив усылларды қолланған ҳалда қаплаў мәселеси кеңнен додаланып, орынланатуғын жумыслар келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги