Жаслардың ҳуқықый мәденияты, руўхый тәрбиясы арттырылмақта

Төрткүл районында жаслар арасында жынаятшылық ҳәм ерте турмыс қурыўдың алдын алыў мақсетинде әҳмийетли илажлар өткерилмекте.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы М.Ахмедова райондағы мектеплерде ушырасыўлар өткерди, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети бөлими.
Мақсет – оқыўшы-жаслардың ҳуқықый санасы ҳәм руўхый тәрбиясын арттырыў, оларды надурыс жоллардан сақлаў ҳәм келешекке дурыс бағдарлаўдан ибарат.
Илажда мектеп администрациясы, муғаллимлер ҳәм психологлар менен биргеликте жаслар арасындағы машқалаларды өз ўақтында анықлаў, оларға индивидуал қатнас жасаў ҳәм зәрүр жәрдем көрсетиў мәселелери додаланды.


Сондай-ақ, оқыўшылардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў, дөгереклер ҳәм спорт секцияларына тартыў арқалы оларды зыянлы әдетлерден узақластырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Илаж шеңберинде жасларға ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди, сораў-жуўаплар ҳәм ашық пикирлесиў тәризинде пикир алысылды.
Бул ушырасыў жаслардың турмысқа көзқарасын қәлиплестириў, оларды социаллық белсендиликке ийтермелеў ҳәм бәркамал әўладты тәрбиялаўда әҳмийетли қәдем болып хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги