Қабыллаўда халықтың машқаласы тыңланды

429

Беруний районы ҳәкиминиң биринши орынбасары У.Матирзаев тәрепинен халықты қыйнап киятырған мәселелер бойынша гезектеги қабыллаў шөлкемлестирилди, – деп мағлыўмат береди Беруний районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлиминиң баслығы А.Уразова.

Қабыллаў процесинде районда жасаўшы бир қатар пуқаралар өзлерин қыйнап киятырған түрли мәселелер бойынша мүрәжат пенен шықты. Соның ишинде, материаллық жәрдем ажыратыў, жеңиллетилген кредитлер алыў ҳәм турақ жайларды оңлаўға байланыслы машқалалар көтерилди.


Мүрәжатлар тийисли қәнигелердиң қатнасыўында ҳәр тәреплеме үйренилди ҳәм оларды белгиленген тәртипте шешиў бойынша анық тапсырмалар берилди.

Бул қабыллаў халықтың машқалаларын орнында үйрениў ҳәм шешимин табыўда әҳмийетли фактор болмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги