Лабораториялық ҳәм инструменталлық тексериўлер шөлкемлестирилди

Елликқала районында жәмийет саламатлығына бағышланған және бир әмелий илаж шөлкемлестирилди. Тазабағ аўылында жайласқан 64-санлы шаңарақлық поликлиника аймағында “Бар меҳрим усы халық ушын, усы Ўатан ушын” сүрени астында тереңлестирилген медициналық тексериў өткерилди. Илаж Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң 2025-жыл 18-апрельдеги 102-санлы буйрығының орынланыўын тәмийинлеў ҳәм халықты индивидуал саламатландырыў режеси тийкарында әмелге асырылды.
Тексериў даўамында, әсиресе, социаллық жәрдемге мүтәж халық қатламына айрықша итибар қаратылды. Оларда анықланған жолдас кеселликлер бойынша тийисли тараўлардың қәнигелерине жолламалар берилип, бир ўақыттың өзинде лабораториялық ҳәм инструменталлық тексериўлер шөлкемлестирилди. Бул болса медициналық хызметтиң сапасын және де жақсылаў имканиятын берди, – деп мағлыўмат береди Елликқала районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.
Илажда районлық медицина бирлеспеси ҳәм прокуратура ўәкиллери де қатнасып, Президентимиздиң ПҚ-1-санлы қарары шеңбериндеги ўазыйпалардың орынланыўы, орынлардағы реформалар, соның ишинде, коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў бойынша алып барылып атырған жумыслар бойынша медицина хызметкерлери менен ашық пикирлести.



Халықтың саламатлығына болған бундай итибар кеселликлерди ерте анықлаўға хызмет етеди ҳәм медициналық хызметке исенимди беккемлеп, жәмийетте саламат турмыс тәризин енгизиўге түртки береди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги