Адамлардың сүўретке түсириўге болған ҳуқықларының қорғалыўы күшейтиледи

Тек ғана мәмлекетлик хызметкерлерди олардан сорамастан сүўретке, видеоға түсириў ҳәм оны тарқатыў мүмкин болады.
Әдиллик министрлиги тәрепинен «Адамлардың сүўретке болған ҳуқықларының қорғалыўын күшейтиў мақсетинде Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары ислеп шығылды.
Әдиллик министрлиги мәлимлеме хызметиниң басшысы Ҳаёт Қиличев усы жойбардың мазмун-мәниси ҳаққында мағлыўмат берди:
– Жойбар адамлардың жеке қол қатылмаслық ҳуқықының қорғалыўын күшейтиў ҳәм өз сүўретине болған ҳуқықларын беккемлеў мақсетинде ислеп шығылды.
Жойбарды ислеп шығыўға кейинги 3 жылда адамға руўхый ямаса материаллық зыян жеткериўи мүмкин болған мағлыўматларды жәриялаў, жеке турмысқа қол қатылмаслығын бузыўға байланыслы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық 2,5 есеге, бул бағдардағы жынаят ислери дерлик 40 процентке артқаны себеп болды.
Атап айтқанда, адамлар толық ямаса белгили дәрежеде жалаңаш болатуғын орынларда да бақлаў камералары орнатылмақта ҳәм айырым жағдайларда ондағы көринислер интернетте тарқатылмақта.
Мәселен, дүканлардың кийим алмастырыў бөлмелери, моншалар, жатақханалар, айырым медицина ханаларында (мәселен, «UZI» тексериўи ушын мөлшерленген) орнатылған видеобақлаў камералары көплеген наразылықларға себеп болмақта.
Бундай жағдайлардың алдын алыў ушын Әдиллик министрлиги тәрепинен әмелдеги миллий нызамшылық ҳәм 30 ға шамалас сырт ел, соның ишинде, Германия, Франция, Уллы Британия, АҚШ тәжирийбеси үйренилип, Пуқаралық, Мийнет ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекслерге өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша нызам жойбары ислеп шығылды.
Жойбар менен улыўма қағыйда сыпатында, ҳәр қандай адамның фото ямаса видео көринисинен пайдаланыў ушын оның келисими талап етилиўи, егер адам 16 жастан киши болса, оның ата-анасы келисим бериўи тәртибин орнатыў усыныс етилмекте.
Төмендеги жағдайларда болса сүўреттен пайдаланыў ушын ҳеш қандай келисим талап етилмейди: сүўреттеги адамға қарата излеў жәриялаўда; жәмийетлик орынларда, ғалабалық илажларда адамды сүўретке алыўда; ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық, жынаят ҳаққында хабар бериўде; сүўрет оның ийеси тәрепинен ҳәмме пайдаланыўы мүмкин болған ашық дәреклерге, айтайық, Интернетке жайластырылған болса; жәмийетлик тәртипти сақлаў, қәўипсизликти тәмийинлеў мақсетинде видеобақлаў системалары арқалы адамларды сүўретке алыўда.
Соның менен бирге, мәмлекетлик хызметкерлерди олардың келисимисиз сүўретке алыў мүмкин екенлиги белгиленбекте. Яғный, өз хызмет ўазыйпасын атқарып атырған мәмлекетлик хызметкерлерди олардан сорамастан сүўретке, видеоға алыў ҳәм оны тарқатыў мүмкин болады.
Буннан тысқары, адамлар бираз ямаса толық кийимсиз болатуғын орынларда видеобақлаў камераларын орнатыў ҳәм адамларды сүўретке алыў қадаған етилмекте.
Жәмийетлик орынларда видеобақлаў системалары орнатылғанда, бул ҳаққында анық ҳәм ҳәммеге түсиникли ескертиўши белги орнатылыўы шәрт.
Нызамды қолланыў ҳәр қыйлы талқылаўға себеп болмаўы ушын жәмийетлик орын түсинигине анықлама берилмекте. Мийнет кодексинде хызметкерди сүўретке түсириў, усы сүўретлерден пайдаланыў ушын хызметкерди алдыннан ескертиў ҳәм келисимин алыў тәртиби белгиленбекте.
Жойбар менен жеке ҳәм шаңарақлық сырларды қурайтуғын мәлимлемени жыйнаў ямаса тарқатыў мақсетинде мәлимлемени жасырын алыўға мөлшерленген техникалық қураллардан пайдаланғаны ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленбекте.
Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске бул норманы киргизиў зәрүрлиги соннан ибарат, мийманханалар, жатақханаларға жасырын камералар орнатылып, адамлардың ҳәдден тыс жеке сырларын олардың келисимисиз ҳәм хабарысыз жыйнаў жағдайлары бақланбақта.
Жойбар халықтың пикир-усыныслары тийкарында жетилистирилип, жоқары турыўшы уйымларға киргизиледи.
Н.Абдураимова,
ЎзА