Делиде Өзбекстан-Ҳиндстан билимлендириў форумы болып өтеди

Усы жылы 25-май күни Дели қаласында Өзбекстан ҳәм Ҳиндстан жоқары билимлендириў мәкемелериниң форумы өткериледи. Илаж Өзбекстан Республикасының Ҳиндстандағы елшиханасы ҳәм усы елдиң “MD House” компаниясы менен биргеликте шөлкемлестириледи.
Форумда еки мәмлекеттиң жетекши университет ҳәм институтларының делегациялары қатнасады. Билимлендириў тараўындағы еки тәреплеме бирге ислесиў перспективаларын додалаў, сондай-ақ, бир қатар өз-ара түсинисиў меморандумларына қол қойыў күтилмекте.
Соңғы жыллары ҳиндстанлы жаслардың Өзбекстанда билим алыўға болған қызығыўшылығы барған сайын артып атырғаны бақланбақта. Билимлендириў системасындағы избе-из реформалар, оқыў бағдарламаларының халықаралық стандартларға муўапықлығы ҳәм сырт елли студентлер ушын жаратылған қолайлы шараятлар, соның ишинде, инглис тилиндеги билимлендириў, мүнәсип жасаў шараятлары ҳәм қәўипсизлик буның тийкарғы факторлары болып есапланады.
Әнжуман даўамында студентлердиң сырт елде оқыўын шөлкемлестириўге қәнигелескен ҳинд компаниялары менен бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылады.
Жоқары билимлендириў Өзбекстан-Ҳиндстан бирге ислесиўиниң әҳмийетли бағдарына айланбақта. Бүгинги күнде елимиздиң жоқары оқыў орынларында дерлик 10 мың ҳиндстанлы студент билим алып, бул көрсеткиш өсиўде даўам етпекте.
Дели қаласындағы форум еки мәмлекеттиӊ билимлендириў мәкемелери арасындағы байланысларды беккемлеў ҳәм академиялық мобильлик имканиятларын кеңейтиў ушын әҳмийетли майдан болып хызмет етеди.
Азиза АЛИМОВА, ӨзА