Социаллық тармақлардың балалар ушын оғада қәўипли тәрепи анықланды

АҚШтың Калифорния университети илимпазлары балалар социаллық тармақларда қанша ўақыт өткерсе, олардың руўхый түскинлик белгилери сонша аўыр болатуғынын анықлады. Бирақ, ҳеш қандай пикир-усыныс жоқ – депрессияның күшейиўи Интернетте өткерилетуғын ўақыттың көбейиўине алып келмейди.
Изертлеўде белгили болғанындай, орташа үш жыл даўамында социаллық тармақлардан пайдаланған 9 жастан 13 жасқа шекемги балалардың экран алдында ўақыт өткериў күнине 7 минуттан 73 минутқа шекем көтерилген ҳәм бул ўақыт даўамында оларда депрессия белгилери дәрежеси 35 процентке артқан. Изертлеў 12 000 ға шамалас балалардың мағлыўматларын өз ишине алды. Онда ҳәр бир қатнасыўшыдағы өзгерислерди өз алдына бақлаў имканиятын беретуғын бағдарламадан пайдаланылды.
“Бул изертлеў социаллық тармақлар балаларда депрессия раўажланыўына үлес қосыўы мүмкин екенлиги ҳаққында тиккелей дәлиллерди усынады,” – дейди педиатр ҳәм жойбар басшысы доктор Жейсон Нагата.
Соннан келип шығып, Америка педиатрия академиясы ата-аналар ҳәм балаларға саламат санлы әдетлерди раўажландырыўға жәрдем беретуғын шаңарақлық медиа режеден пайдаланыўды усыныс етпекте.
“Балаға “Телефоныңды қой” деўдиң өзи пайда бермейди. Онлайн ўақыттың зыяны ҳаққында ашық ҳәм қоллап-қуўатлаўшы сәўбетлер өткериў ҳәм шаңарақлық кешелерди экрансыз өткериў арқалы үлги көрсетиў әҳмийетли, әсиресе, аўқатланыў ўақтында ҳәм жатыўдан алдын,” – дейди Жейсон Нагата.
Изертлеўшилердиң атап өтиўинше, санлы мәканға саналы ҳәм жуўапкершиликли мүнәсибет балалардың руўхый саламатлығы ҳәм абаданлығын сақлаў жолы болып есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги