Кадастр агентлиги системасында коррупция қәўип-қәтерлери картасы ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бағдарламасы тастыйықланды

Бизге белгили, мәмлекетимиз басшысының 2020-жыл 7-сентябрьдеги ПП-6061-санлы пәрманы ҳәм ПҚ-4819-санлы қарары тийкарында Кадастр агентлиги менен Мәмлекетлик кадастрлар палатасы ҳәм оның аймақлық басқармаларында коррупцияға қарсы гүресиў “комплайенс-қадағалаў” системасы енгизилген. Ҳәзирги ўақытта Кадастр агентлиги системасында жәми 33 штат бирлигинде комплаенс қадағалаў хызметкерлери жумыс алып бармақта.
Кадастр агентлигинде коррупциялық ҳуқықбузарлықлар ҳәм нызамсыз ҳәрекетлердиң алдын алыў сондай-ақ, оларды сапластырыў мақсетинде системалы жумыслар жолға қойылған. Атап айтқанда, Президентимиздиң 2022-жыл 11-майдағы ПҚ-240-санлы қарарының орынланыўы шеңберинде Кадастр агентлигине жүкленген функцияларда коррупциялық қәўип-қәтерлер баҳаланды ҳәм усы жылдың май айында коррупциялық қәўип-қәтерлер картасы ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бағдарламасы тастыйықланды.

Коррупцияның алдын алыў бойынша система хызметкерлери ҳәм пуқаралар менен семинар, дөгерек сәўбетлери, баянатлар ҳәм ғалаба хабар қураллары арқалы профилактикалық илажлар өткерилмекте.
Өзбекстан Республикасының “Мәплер соқлығысыўы ҳаққында”ғы нызамының орынланыўы шеңберинде Кадастр агентлиги системасы жумысында мәплер соқлығысыўын анықлаў, алдын алыў ҳәм тәртипке салыў мақсетинде мәплер соқлығысыўын басқарыў бойынша реже тастыйықланғанын да айтып өтиў керек.
Коррупцияға қарсы гүресиў, оның алдын алыў ҳәм сапластырыў мақсетинде басқарма ҳәм бөлим-филиаллардың имаратларына Кадастр агентлигиниң Исеним телефоны ҳәм байланыс каналлары сәўлелендирилген баннерлер орнатылды.

Структуралар тәрепинен коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында ҳуқық қорғаў уйымлары менен тығыз бирге ислесиў жолға қойылған болып, үйренилген 21 жағдай бойынша материаллар ҳуқық қорғаў уйымларына жиберилген ҳәм ҳәзирги күнде соннан 2 жағдай бойынша тийисли уйымлар тәрепинен жынаят ислери қозғатылған.
Кадастр агентлигинде коррупциялық ҳәрекетлер ҳаққында келип түскен хабарларды қабыл етиў ҳәм көрип шығыў регламенти, жумысқа қабыл етилип атырған талабанларды тексериў бойынша инструкция тастыйықланды.
Соның менен бирге, коррупцияға қарсы тәртип-қағыйдалардың нәтийжелилигин мониторинг етиў ҳәм қадағалаў методикасы, контрагентлерди тексериўге байланыслы инструкция, коррупциялық қәўип-қәтерлерди анықлаў ҳәм баҳалаў методикасы, хызметкерлердиң этика ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў тараўында оқытылыўы бойынша инструкция шөлкемлестирилди. Кадастр агентлиги системасындағы хызметкерлерди хошаметлеў тәртиби ҳаққындағы реже, Кадастр агентлигиниң коррупцияға қарсы гүресиў сиясаты, хызмет тексериўи ҳәм үйрениў өткериўди шөлкемлестириў тәртиби ҳаққындағы режелер қабыл етилген.
– Физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге тийисли кадастр архив фондында сақланып атырған кадастр ҳүжжетлерин санластырыў жумыслары әмелге асырылған, – дейди Кадастр агентлигиниң бас қәнигеси Маруф Ҳамроев. – Нәтийжеде жерлер ҳәм олардың ийелери ҳаққындағы мағлыўматларды таллаў жумыслары 3-10 күннен бир неше секундқа қысқарыўына ерисилди. Бул тараўда инсан факторын азайтыў, ашық-айдын механизмди енгизиў ҳәм хызметкерлер менен пуқаралардың тиккелей ушырасыўы ҳәм коррупциялық жағдайлардың алдын алыў мақсетинде кадастр тараўы бойынша 20 ға шамалас хызмет түри Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы әмелге асырылмақта. Сондай-ақ, тараўда мәплер соқлығысыўына жол қоймаў бойынша барлық хызметкерлерге декларация толтырыў системасы енгизилген. Жумысқа қабыл етиўде ашық-айдынлықты тәмийинлеў мақсетинде болса миллий вакансиялар базасының (vacancy.argos.uz) сайтларына бос жумыс орынлары ҳаққында мағлыўматлар жайластырылып келинбекте.
Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң инсан ресурсларын басқарыўға байланыслы жумысын санластырыў мәлимлеме системасы (hrm.argos.uz) арқалы хызметкерлер ҳәм жумысшылардың саны, вакансиялар, сондай-ақ, жумысқа жайласыў ушын талабанларға жумыс бериўшилер тәрепинен қойылатуғын маманлық ҳәм басқа да талаплар ҳаққындағы мағлыўматлар жәрияланып барылады. Барлық категориядағы хызметкерлердиң ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын арттырыў мақсетинде оларға коррупцияға қарсы гүресиў ишки системасының жумысын муўапықластырыўшы нормативлик ҳүжжетлер тарқатылған.
Кадастр агентлиги тәрепинен коррупцияға қарсы гүресиў жумысын әмелге асырыўшы мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер менен турақлы бирге ислесиў жолға қойылған болып, соның ишинде, анықланған нызамсыз жағдайлар бойынша топланған ҳүжжетлер ҳуқықый баҳа бериў ушын берилип барылмақта ҳәм Кадастр агентлигиниң Коррупцияға қарсы гүресиў бөлиминиң хызметкерлери ҳәм Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментиниң оператив хызметкерлери менен биргеликте коррупциялық жағдайлардың алдын алыўға қаратылған бир қатар илажлар өткерилип келинбекте.
Шаҳноза Маматуропова,
ӨзА