Германияда қызыл реңге дөнетуғын жипек шығаратуғын ГМО (генетикалық модификацияланған организм) – өрмекшилер жаратылды

291

Байройт университетиниң илимпазлары биринши мәрте CRISPR-Cas9 технологиясы жәрдеминде өрмекши ДНКсын өзгертип, оған қызыл реңге дөнетуғын жипек тоқыўды үйретти. Бул жаңалық ҳаққында илимий дереклер жазбақта.

Тәжирийбеде әпиўайы үй өрмекши – Parasteatoda tepidariorum алынған: оның туқымланбаған мәйек клеткаларына CRISPR жәрдеминде флуоресцент белок гени жайластырылған. Модификацияланған урғашы өрмекшилерден туўылған әўлад ҳәр түрге дөнетуғын жипек шығара баслады.

Бул – илимий жетискенлик. Бурын өрмекшилерди генетикалық өзгертиў қыйын болған: олардың геномы қурамалы, бир-бирин жейди ҳәм лабораторияда сақлаў аңсат болмаған. Енди болса олардың генлерин дүзетиў ҳәм материалларын өзгертиў техникалық жақтан мүмкин болды.

Буның барлығы өрмекшиниң жипеги ушын. Ол тәбийғый, өзине тән материал – жеңил, созылатуғын ҳәм беккем. Енди бул жипекти медицина ҳәм санаатта және де жетилистириў мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги