Соңғы 50 жылда ҳайўанлардың 100 ден аслам түри пүткиллей жоқ болып кеткен

Бүгинги күнде биологиялық көптүрлиликти сақлап қалыў, жоқ болып кетиў алдында турған түрлерди қәстерлеп сақлаў ең әҳмийетли турмыслық мәселелерден бирине айланған. Себеби, биокөптүрлиликтиң жоқ болыўы тәбийғый турақлылықтың бузылыўына алып келеди.
Мағлыўматларға қарағанда, Жер жүзинен соңғы 50 жылда ҳайўанлардың 100 ден аслам түри, Орайлық Азияда болса 26 түрдеги қуслар, 12 түрдеги сүт емизиўшилер, соның ишинде, Туран жолбарысы, Азия қапланы ҳәм басқа да эндемикалық түрлер пүткиллей жоқ болып кеткен.
22-май пүткил дүньяда Халықаралық биокөптүрлилик күни сыпатында кеңнен белгиленеди. Усы сәне мүнәсибети менен парламенттиң төменги палатасындағы Өзбекстан Экологиялық партиясы фракциясы ҳәм Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәселелери комитети менен биргеликте Зоология институтында дөгерек сәўбети өткерилди.
Илаж шеңберинде биологиялық көп түрлиликти сақлаў тараўында Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар, халықаралық миннетлемелерди орынлаў, регионаллық ҳәм глобаллық бирге ислесиў, ҳуқықый тийкарларды беккемлеў ҳәм экологиялық сананы арттырыў мәселелери додаланды.

Дөгерек сәўбетинде шығып сөйлеген депутатлар ҳәм қәнигелер ҳәзирги күнде Өзбекстан халықаралық ҳуқықтың теңдей қатнасыўшысы сыпатында биологиялық көптүрлиликти сақлаў бағдарында бир қатар халықаралық ҳүжжетлерди ратификациялағанын атап өтти. Атап айтқанда, Өзбекстан 1995-жылы БМШтың Биологиялық көп түрлилик ҳаққындағы Конвенциясына ағза болған. Сондай-ақ, «Жоқ болып кетиў қәўпи астындағы жабайы фауна ҳәм флора түрлери менен халықаралық саўда ҳаққында»ғы, «Суў қусларының тийкарғы жасаў мәнзили болған халықаралық әҳмийетке ийе суўлы-батпақлы жерлер ҳаққында»ғы конвенциялар усылардың қатарына киреди.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде мәмлекетимизде өсимлик дүньясының 15 мыңға, ҳайўанат дүньясының 11 мыңға шамалас түри бар. Бул түрлерди сақлаў, биокөптүрлиликти қорғаўда жәмийетшилик, әсиресе, жаслардың қатнасын тәмийинлеў үлкен әҳмийетке ийе екени айрықша атап өтилди. Әсиресе, халық арасында экологиялық мәдениятты қәлиплестириў, қоршаған орталықты, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясын қәстерлеп сақлаў, жасыл бағларды көбейтиў әҳмийетли орын ийелейтуғыны айтып өтилди.
Муҳтарама Комилова, ӨзА