Жүзиў бойынша I Орайлық Азия ашық чемпионаты жуўмақланды

Ташкент қаласындағы Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясына қараслы «Суў спорты сарайы»нда жүзиў бойынша I Орайлық Азия ашық чемпионаты болып өтти.
Бул жарыс Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 4-ноябрьдеги «Суў спорты түрлерин раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары ҳәм 2025-жыл 13-февраль күни болып өткен видеоселектор мәжилисинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилди. Чемпионат Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы ҳәм мәмлекетимиз Суў спорты федерациясы менен биргеликте өткерилди.

Жарыста «А», «Б» ҳәм «C» жас категорияларындағы спортшылар қатнасты. Онда Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан сайланды командаларының ўәкиллери брасс, баттерфляй, еркин, шалқасына ҳәм комплексли жүзиў түрлеринде жәми 158 медальлар топламы ушын беллести.
Чемпионат жуўмақларына бола, Қазақстан сайланды командасы 74 алтын, 32 гүмис ҳәм 11 бронза, жәми 117 медаль менен улыўма командалық есапта биринши орынды ийеледи. Өзбекстан 1 командасы 22 алтын, 42 гүмис ҳәм 24 бронза (жәми 88 медаль) менен екинши орынды ийеледи. Қырғызстан жүзиўшилери 4 алтын, 7 гүмис ҳәм 17 бронза медаль менен күшли үшликти жуўмақлады. Сондай-ақ, Өзбекстанның 2 командасы 2 алтын, 14 гүмис ҳәм 32 бронза, жәми 48 медаль менен төртинши орынды ийеледи.
Беллесиў жуўмағында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери шөлкемлестириўшилер тәрепинен медаль, диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Жавоҳир Тошхўжаев,
ӨзАның хабаршысы