Жәрдемге мүтәж инсанлардың талабы қанаатландырылды

Шоманай районында “Инсан” социаллық хызметлер орайының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен тастыйықланған реже тийкарында Бирлешик АПЖ пуқаралары ушын көшпели қабыллаў өткерилди.
Қабыллаўға, районлық “Инсан” социаллық хызметлер орайының директоры Б.Жуматаев, “Бирлешик” аўыл пуқаралар жыйынының мәҳәлле жетилиги ҳәм орай қәнигелери қатнасып, социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралардың машқалалары тыңланды.


Пуқаралар тийкарынан кем тәмийинленген шаңарақларға балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдемлерди төлеў, тайынлаў ҳәм төлеў тәртиби туўралы мағлыўматлар берди. Майыплығы бар инсанлар протез ортопедия буйымлары ҳәм реабилитациялаў техникалық үскенелери менен тәмийинлеў мәселелери бойынша мүрәжат етти.
Қабыллаў даўамында 9 мүрәжатқа сол орынның өзинде унамлы шешим табылып, соннан, 1 реабилитациялаў техникалық үскенеси менен тәмийинлеў, 1 майыплығы болған инсанға үйде қарап отырғанлығы ушын мийнет стажын жүргизиў бойынша, 3 пуқараға санатория ушын жоллама алыўға, 4 шаңараққа балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем пулы мәселеси бойынша жәрдем берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги