Уллы Британияның Ҳайўанатлар ҳәм өсимликлер саламатлығы агентлиги ҳәм Уллы Британия жәмийетлик саламатлықты сақлаў агентлиги мәмлекеттеги шыбынларда биринши мәрте “Батыс Нил” безгек вирусын анықлады, делинеди ҳүкимет веб-сайтында жәрияланған хабарда.
Вирус көбинесе қусларда ушырасады ҳәм шыбынлар оның тасыўшысы есапланады. Бирлескен Патшалықта ҳәзирге шекем бул безгектиң адамға жуғыў жағдайлары дизимге алынбаған.
“Батыс Нил” ыссылығы жуқпалы кеселлик болып, оның тәбийғый ошақлары Африка, Америка, Европа ҳәм Азияның 90 нан артық мәмлекетлеринде жайласқан. Кеселлик белгилери жоқары температура, бас аўырыўы, булшық ет аўырыўы ҳәм бөртпе көринисинде жүзеге келеди.
С.Раҳимов, ӨзА