Ертең, 2025-жыл 24-май күни мектеплерде быйылғы оқыў жылы жуўмақланады. Усы мүнәсибет пенен билимлендириў мәкемелеринде “Соңғы қоңыраў” илажлары болып өтеди. Бул қоңыраў мектеп питкериўшилери ушын ҳақыйқатында да соңғысы болғаны ушын да илаж толқынланыўларға толы болады.

Бул процессте “Соңғы қоңыраў” илажларының тек ғана жоқары дәрежеде емес, ал қәўипсиз өткерилиўи жүдә әҳмийетли. Ишки ислер министрлиги мине, усы мәселеге айрықша итибар қаратпақта.

ИИМ Жәмийетлик қәўипсизлик департаменти мәлимлеме хызметиниң баслығы Музифа Султонова бул бағдарда исленип атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди:

– Усы жылдың 24-май күни саат 08:00 ден 10:00 ге шекем “Соңғы қоңыраў” байрам илажлары республикамызда жумыс алып барып атырған 10 мыңнан аслам мәкемеде мектеп оқыўшылары, ата-аналар ҳәм жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўында кеңнен белгиленутығыны белгиленген.

Бул билимлендириў мәкемелеринде 1-класс, 9-класс, 11-класс болған жәми 2 миллионнан аслам питкериўши қатнасыўы күтилмекте.

Республика аймағында өткерилетуғын илажларда қәўипсизликти тәмийинлеўге жәми 27 мыңнан аслам Ишки ислер министрлиги, Миллий гвардия, Айрықша жағдайлар министрлиги хызметкерлери ҳәм әскерий хызметкерлери бириктирилди.

Илаж өткерилетуғын билимлендириў мәкемелери тийисли жуўапкер уйымлардың хызметкерлери тәрепинен толық тексериўден өткерилип, қорғаў пультына жалғанған. Видеобақлаў камералары болса аймақлық ишки ислер уйымларының ситуациялық орайларына интеграцияланған.

Буннан тысқары, мектеплерде оқыў жылы жуўмақланыўы мүнәсибети менен жасларымыз қыябанлар ҳәм дем алыў бағларына дем алыў ушын келиўи күтилмекте. Бул орынларда қәўипсизликти тәмийинлеўге жәми 5 мыңнан аслам ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери ҳәм әскерий хызметкерлер хызметке бириктирилди.

Аймақлардағы тиккелей жол шетинде жайласқан мектеплер алдында ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде жол-патруль хызмети инспекторлары күшейтилген тәртипте хызмет алып барады. Мектеплердиң жайласыў орнына қарап транспорт қуралларының ҳәрекети ўақтынша шекленеди. Усы күни илажы болғанынша ҳәммеге жәмийетлик транспортта ҳәрекетлениўи усыныс етиледи.

Усы жерде барлық ата-аналар ҳәм үлкен жастағылардан питкериўшилердиң ярым ақшамға шекем дем алыў бағларында жүриўи, спиртли ишимликлер, темеки өнимлери ҳәм қадаған етилген затларды пайдаланыўы, көшелерде топар-топар болып кортежлерде жүриўи, автомашина, скутер, самокатларды алып басқарыўы, канал ҳәм шомылыў бассейнлеринде жүзиўи, өзлериниң жанында өткир кесиўши, шаншыўшы ҳәм басқа да инсанның өмири ҳәм денсаўлығы ушын қәўипли болған буйымларды алып жүриўине жол қоймаўды сорап қаламыз.

Н.Абдураимова,

ӨзА