Социаллық жәрдем мәнзилли болады: шаңарақлар енди категорияларға қарап қоллап-қуўатланады, айырым шаңарақларға дәрамат алыў имканияты жаратылады, кәмбағал шаңарақлардың перзентлери ушын жеңилликлер бериледи – Президент пәрманына шолыў.
Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформаларға муўапық халықты социаллық қорғаў, нәтийжели социаллық қорғаў сиясатын жүргизиўге айрықша итибар қаратылмақта. Соңғы жылларда халық ушын ажыратылған социаллық жәрдем көлеми 5 есеге арттырылды, 2 миллионнан аслам шаңарақ усы социаллық қорғаў бағдарламалары менен қамтып алынды.
Жақын еки жыл ишинде халыққа социаллық хызметлер көрсетиўдиң сапасын түп-тийкарынан арттырыў, бул тараўға алдынғы халықаралық стандартларға тийкарланған пүткиллей жаңа басқарыў системасын енгизиў мақсетинде 47 нызамшылық ҳүжжети (3 Нызам, 6 Президент пәрманы ҳәм 12 қарары, 26 Ҳүкимет қарары) қабыл етилди.
Усы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер тийкарында мәмлекет тәрепинен кепилленген социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлердиң мәҳәлле дәрежесине түсирилиўин тәмийинлеў мақсетинде, 208 район (қала) ларда “Инсан” социаллық хызметлер орайларының жумысы жолға қойылды.
Орынларда социаллық хызметкер ҳәм оның ассистенти лаўазымы енгизилип, ҳәр бир мәҳәлледеги шаңарақ саны, социаллық қорғаўға мүтәж халық топарларын есапқа алған ҳалда социаллық хызметкерлер “аймақ – участка – мәҳәлле” принципи тийкарында бириктириледи.
Статистикалық мағлыўматларға нәзер таслайтуғын болсақ, усы жылдың биринши шерегинде “Инсан” орайлары тәрепинен жәми 1 млн 238 мың арза қабыл етилген болып, соннан 752 мың (61%) арзаға хызмет көрсетилген. Салыстырыў ушын: 2024-жылдың I шерегинде пуқаралардан 58,2 мың арза қабыл етилген болып, бул көрсеткиш усы жылдың биринши шерегинде 21,3 есеге артқан. Сондай-ақ, 2024-жылдың март айында 27 түрдеги социаллық хызмет ҳәм жәрдемлер ушын арза қабыл етилген болса, усы жылдың март айында 103 түрдеги хызметлер ушын пуқаралардан арза ҳәм мүрәжатлар қабыл етиў имканияты жаратылған.
Жақында қабыл етилген “Кәмбағал шаңарақларды мәмлекет тәрепинен социаллық қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў ҳаққында”ғы Президент пәрманы [ПП-84] социаллық қорғаў тараўында мәнзиллилик, нәтийжелилик ҳәм жаңа имканиятларды тәмийинлеў арқалы бул бағдарды жаңа басқышқа көтереди.
Пәрманның тийкарғы тәреплерине тоқтап өтемиз.
Социаллық жәрдем мәнзилли болады: шаңарақлар енди категорияларға қарап қоллап-қуўатланады
2025-жыл 15-майдан баслап Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген ҳәм оған түсиў қәўпи астында болған шаңарақлар “қызыл,” “сары” ҳәм “жасыл” категорияларға бөлинеди. Мәмлекет тәрепинен көрсетилетуғын социаллық жәрдемлер усы категорияларға қарап белгиленеди (турақ жайларды оңлаў, тиклеў ҳәм бейимлестириў және денсаўлықты сақлаў бойынша жәрдемлер буған кирмейди).
“Қызыл” категорияға төмендеги критерияларға сәйкес, ҳәр бир ағзасына туўра келетуғын орташа айлық дәраматы минимал тутыныў қәрежетлеринен төмен болған шаңарақлар киргизиледи:
– ағзаларынан кеминде биреўи денсаўлығы себепли ислей алмайтуғын шаңарақ;
– күтимге мүтәж ағзасы, соның ишинде, майып перзенти бар шаңарақ;
– басқалардың күтимине мүтәж жалғыз жасаўшы ямаса жалғыз кексе яки жалғыз майыплығы болған шахстан ибарат шаңарақ;
– бағыўшысын жоғалтқан яки бағыўшысы жазаны орынлаў мәкемесинде болған шаңарақ.
“Сары” категорияға – ҳәр бир ағзаға туўра келетуғын орташа айлық дәраматы минимал тутыныў қәрежетлеринен аз болған, бирақ барлық ағзалары мийнетке жарамлы болған шаңарақлар киргизиледи.
“Жасыл” категорияға – ҳәр бир ағзаға туўра келетуғын орташа айлық дәраматы минимал тутыныў қәрежетлериниң 1 есесинен 1,5 есесине шекем болған ҳәм төмендеги нормалардан бирине сәйкес келетуғын шаңарақлар киргизиледи:
– шаңарақ “қызыл” ямаса “сары” категориядан шығарылған болса;
– шаңарақтың Кәмбағал шаңарақлар реестрине түсиў итималы жоқары болса.
Кәмбағал шаңарақларға жеңилликлер ҳәм жәрдемлер бериў тәртиби өзгереди
2025-жыл 1-июньнан баслап:
– нызамшылық ҳүжжетлеринде Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестриндеги шаңарақлар ушын белгиленген социаллық хызметлер, жәрдемлер ҳәм жеңилликлер Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақларға да енгизиледи. 2026-жыл 1-январьдан болса бул жеңилликлер тек ғана Кәмбағал шаңарақлар реестриндеги шаңарақларға бериледи;
– мәмлекетлик хызметлерден пайдаланғанда төленетуғын бажы, жыйым ҳәм басқа төлемлерде “сары” категориядағы шаңарақларға 50 процент, “қызыл” категориядағыларға болса 75 процент шегирме қолланылады;
– егер шаңарақ “қызыл” ямаса “сары” категориядан “жасыл” категорияға өтсе, оларға нызамшылық пенен белгиленген социаллық жәрдемлер және 12 ай даўамында сақланады.
“Қызыл” категориядағы шаңарақларға дәрамат алыў имканияты жаратылады
2025-жыл 1-июньнан баслап “қызыл” категорияға кирген шаңарақларға пассив дәрамат келтиретуғын жәрдем илажлары көрсетиледи.
Биринши бағдар – қуяш электр станцияларын орнатыў: кәмбағал шаңарақлардың үйине қуяш электр станциялары орнатылады. Бул жумыс район (қала) ҳәкимлиги ҳәм тәмийнатшы кәрхана арасындағы шәртнама тийкарында әмелге асырылады. Орнатыў қәрежетлери мәмлекет тәрепинен субсидия арқалы қапланады. Бул станцияларда ислеп шығарылған электр энергиясы “Қуяшлы шаңарақ” бағдарламасы тийкарында сатып алынады ҳәм шаңарақларға субсидия төлеп барылады. Егер шаңарақтың үйинде алдын бундай қурылма орнатылған болса, бул жәрдем көрсетилмейди.
Екинши бағдар – көшпели дүканлар орнатыў: кәмбағал шаңарақлардың жеринде жеңил конструкциялы көшпели дүканлар орнатылады. Буның ушын шаңарақ ҳәм исбилермен арасында шәртнама дүзиледи.
Кәмбағал шаңарақлар ағзаларына социаллық жәрдемлер тийисли ҳүжжетлер тийкарында көрсетиледи
2025-жыл 1-июньнан баслап Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақлардың ағзаларына социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлер төмендегилер тийкарында көрсетиледи:
– шаңарақтың кәмбағал деп тән алынғаны ҳаққындағы мағлыўмат;
– шахстың кәмбағал шаңараққа тийислилигин тастыйықлаўшы мағлыўматнама.
Мағлыўматлар қалай алынады?
Шаңарақтың кәмбағаллығы ҳаққындағы мағлыўматлар “Бирден-бир миллий социаллық қорғаў” мәлимлеме системасынан, “Электрон ҳүкимет” системасының уйымлараралық интеграцияласыў платформасы арқалы алынады. Шахстың кәмбағал шаңараққа тийисли екенлигин тастыйықлайтуғын мағлыўматнама болса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы усынылады.
Кәмбағал шаңарақлардың перзентлери ушын жеңилликлер бериледи
2025-жыл 1-июньнан баслап “қызыл” категорияға кириўши шаңарақлардың “айрықша” баҳаларға оқыйтуғын студент қызларына Студентлерди хошаметлеў қоры есабынан базалық стипендияның еки есеси муғдарында арнаўлы стипендия бериледи.
2025-жыл 1-сентябрьден баслап улыўма орта билимлендириў мәкемесиндеги узайтылған күн топарларына қатнайтуғын балалардың улыўма санының 15 проценти муғдарында кәмбағал шаңарақлардың перзентлери ушын айрықша квота ажыратылады ҳәм олар ата-аналар төлеминен азат етиледи.
2026-жыл 1-январьдан баслап кәмбағал шаңарақлардың “айрықша” баҳаларға оқыйтуғын перзентлери Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясы системасындағы дем алыў орынларында дем алады ҳәм саламатландырылады. Бул қәрежетлер Балаларды саламатландырыў ҳәм халықтың саламатлығын тиклеўге жәрдемлесиў қорының қаржылары есабынан толық қапланады.
Социаллық қорғаў миллий агентлиги социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлерди муўапықластырады
Социаллық қорғаў миллий агентлиги Кәмбағал шаңарақлар реестри ҳәм Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестрине киргизилген шаңарақларға социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлер көрсетиўди муўапықластырыўшы мәмлекетлик уйым етип белгиленди.
Кәмбағал шаңарақлар реестри ҳәм Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестрине киргизилген шаңарақларға мәмлекет тәрепинен көрсетилетуғын социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлерди енгизиў, өзгертиў яки бийкарлаў бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары Агентлик пенен мәжбүрий тәртипте келисиледи.
Жуўмақ орнында айтыў мүмкин, бул пәрман жәрдем ҳәм жеңилликлердиң мәнзилли, ашық-айдын ҳәм әдил бөлистирилиўин тәмийинлейди. Соның менен бирге, кәмбағал шаңарақлардың экономикалық белсендилигин арттырыў, олардың балаларына билимлендириў ҳәм саламатландырыў бағдарында қосымша имканиятлар жаратыў арқалы узақ мүддетли социаллық турақлылыққа тийкар жаратады.
ӨзА