Аралбойы регионында экологиялық машқалаларды үйрениў ҳәм оларды сапластырыў жолында жаслардың белсендилигин арттырыў мақсетинде усы жылдың 28-31-май күнлери Туризм комитети тәрепинен ҳәр жылы өткерилетуғын “Арал теңизине поезд” жаслар экологиялық акциясы шөлкемлестирилмекте.
Акция шеңберинде мәмлекеттиң ҳәр қыйлы аймақларынан келген қәбилетли, белсенди ҳәм экологиялық саналы жаслар Аралбойы аймағына саяхат етип, бул жерде жүзеге келген экологиялық апатшылық ақыбетлерин өз көзлери менен көреди ҳәм бул арқалы экологиялық машқалаларға бийпәрўа болмаўға шақырылады.
Илаж даўамында жаслар экологиялық семинарлар, социаллық жойбарлар презентациясы, нәл егиў, экологиялық тазалаў жумыслары сыяқлы илажларда қатнасады. Сондай-ақ, олар жергиликли халықтың турмысы, әййемги тарийхый естеликлер менен танысыў имканиятына да ийе болады.
Акция тек ғана экологиялық машқалалар ҳаққында хабардарлықты арттырып қоймастан, ал жаслар арасында экологиялық мәдениятты қәлиплестириў, оларды қоршаған орталықты сақлаўға бағдарлаўға хызмет етеди. Бул баслама арқалы экологиялық жуўапкершилик сезими, ўатансүйиўшилик ҳәм социаллық белсендилик сыяқлы әҳмийетли пазыйлетлер беккемленеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги