Шавкат Мирзиёев “Республикада денсаўлықты сақлаў системасын ҳәм халыққа медициналық хызмет көрсетиў принциплерин жетилистириў арқалы тараўды реформалаўды избе-из даўам еттириў илажлары ҳаққында”ғы пәрманға қол қойды. Бул ҳаққында “Ҳуқуқий ахборот” хабар берди.

Енди шаңарақлық поликлиникалар, шаңарақлық шыпакерлик пунктлери ҳәм оларға бириктирилген мәкемелер, соның ишинде, мәҳәлле медицина пунктлери, хызмет көрсетип атырған халықтың санынан келип шыққан ҳалда юридикалық статусқа ийе шаңарақлық поликлиникалар ҳәм олардың филиаллары сыпатында қайта шөлкемлестириледи.

Жаңа система шеңберинде халыққа шаңарақлық шыпакер, педиатр, акушер-гинеколог ҳәм диагностика хызметлери көрсетиледи. Сондай-ақ, стоматология хызмети аутсорсинг тийкарында жолға қойылады. Пуқараларға өзлерине қолайлы болған шаңарақлық шыпакерди еркин таңлаў имканияты жаратылады. Бул арқалы медициналық хызметтиң сапасын арттырыў, бәсеки орталығын қәлиплестириў ҳәм наўқаслардың ҳуқықларын кеңейтиў нәзерде тутылмақта.

Соның менен бирге, шаңарақлық поликлиникаларда жумыс алып барып атырған медицина хызметкерлери тек ғана толық ставкада ислейди. Онда олардың жумыс нәтийжелилиги ҳәм хызмет сапасына айрықша итибар қаратылады. Ҳәр бир медицина бригадасына 3 мыңға шекем халық бириктирилиўи мүмкин болып, стратегиялық мақсет сыпатында 2030-жылға шекем бул көрсеткиш 1,7 мыңға шекем қысқартылыўы белгиленген.

Сондай-ақ, шаңарақлық поликлиникадан 10 километрден узақта жайласқан мәҳәллелерде жасаўшы халық ушын медицина хызметкерлери тәрепинен көшпели медициналық хызмет көрсетилиўи жолға қойылады. Бул арқалы алыс аймақлардағы халыққа да бирдей дәрежеде медициналық хызмет көрсетилиўи тәмийинленеди. Жаңа реформалар мәмлекетте медициналық хызметлердиң сапасын арттырыў ҳәм халықтың саламатлығын жақсылаўда әҳмийетли тийкар болып хызмет етеди.