Жалпақ жаплы еки шайырға ҳүрмет көрсетилди

Кегейли районындағы 4-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Қарақалпақстан әдебияты ҳәм баспасөзиниң раўажланыўына салмақлы үлес қосқан белгили шайыр, аўдармашы, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен журналистлер – Яқыпбай Ажимов ҳәм Оразбай Сәтбаевлардың 70 жыллық юбилейине бағышланған «Үш әўлад – әдебий мийрасқа ҳүрмет кешеси» болып өтти.
Илажды Нураный қоры Кегейли районлық бөлиминиң баслығы Т.Давлетов ашты ҳәм басқарып барды.
Онда Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы Кеңесбай Каримов, «Әмиўдәрья» журналының бас редакторы Халила Дәўлетназаровлар шайырлардың өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында илаж қатнасыўшыларына кең түрде айтып берип, юбилярларға Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы тәрепинен таярланған естелик саўғаларын тапсырды.
Соны айтып өтиўимиз керек, Кегейли районының «Жалпақжап» аўыл пуқаралар жыйынында туўылып өскен бул дөретиўшилер, қарақалпақ әдебияты ҳәм баспасөзинде көп жыллар даўамында жемисли мийнет етип, өзлериниң көркем дөретпелери менен әдебиятымызда салмақлы орын ийелеп келмекте.
Олардың дөретиўшилик ислери, турмыслық тәжирийбеси ҳәм әдебий мийрасы елимиз зыялылары ҳәм жас әўлад ўәкиллери ушын ҳақыйқый дөретиўшилик мектеби болып хызмет етип атыр.
Кешеде Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен журналистлер Яқыпбай Ажимов ҳәм Оразбай Сәтбаевлар шығып сөйлеп, бундай әдебий илажды шөлкемлестиргени ушын Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ҳәм Кегейли районы ҳәкимлигине миннетдаршылықларын билдирип, өзлериниң жаңа қосықларынан оқып берди.

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.