Карантин хызметиниң дийқанларға жәрдеми

Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигиниң Қанлыкөл районлық бөлими инспекторлары тәрепинен райондағы фермер хожалықларының ғәлле ҳәм ғаўаша атызларында фитосанитариялық мониторинг өткерилип, өнимлерден үлгилер алынды ҳәм агентликтиң көшпели лпбораториясында тексериўден өткерилди.
Сондай-ақ, агентлик ҳәм оның Қанлыкөл районлық бөлими тәрепинен көшпели мобиль лаборатория шөлкемлестирилип, район дийқан базарында сатылып атырған өсимлик нәллери ҳәм туқымларын сатып отырғанлар менен сәўбетлесип, аўыл хожалығы егинлери зыянкеслерине қарсы гүресиў бойынша усынысларын берди.
Алдын хабар берилгениндей, Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигиниң биргеликтеги режесине муўапық, егислик майданларында зыянкеслердиң тарқалыўының алдын алыў, оларға қарсы биологиялық гүресиў жумысларын жеделлестириў, интенсив ҳәм дәстүрий усылда жетистирилип атырған ғаўаша сортларын тәрбиялаў бойынша “Әҳмийетли 30 күнлик” илажы жәрияланып, бул бағдардағы илажлар Қанлыкөл районында да даўам етпекте.
Илаж даўамында, Қанлыкөл дийқан базарындағы сатылып атырған палыз өнимлери нәллериниң фитосанитариялық тазалығын тәмийинлеў, аўыл хожалығы өнимлериниң зыянкес ҳәм кеселликлерин ерте анықлаў ҳәм тарқалыўының алдын алыў мақсетинде қәнигелер тәрепинен мониторинг өткерилип, алынған үлгилер тийкарында көшпели лабораторияда тексерилгеннен соң тийисли жуўмақлар берилди.
Соң агентлик қәнигелери райондағы билимлендириў мәкемелериндеги мийўели ҳәм саяманлы тереклерге мониторинг өткерди ҳәм өсимликлерден үлгилер алынып, лабораториялық жуўмақлар берилди.
Ушырасыўы мүмкин болған зыянкес ҳәм кеселликлерге қарсы гүресиў бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылып, зыянсызландырыў илажларын әмелге асырыў бойынша усыныслар берилди.
Инспекторлар тәрепинен ҳәзирги климат шараятын есапқа алып, бағ ҳәм жүзимзарларда ушырасыўы мүмкин болған зыянкес ҳәм кеселликлердиң алдын алыў мақсетинде турақлы түрде мониторинг жумыслары өткерилип келинбекте. Агентликтиң көшпели лабораториясы менен биргеликте райондағы Бескөпир АПЖ аймағындағы “Жуман солақай” фермер хожалығы бағында да бақлаў жумыслары әмелге асырылды. Атап айтқанда, бағда жетистирилип атырған өнимлерден үлгилер алынып, агентликтиң көшпели лабораториясында зыянкес ҳәм кеселликлерди анықлаў мақсетинде тексериўден өткерилди.
Мағлыўмат ретинде айтатуғын болсақ, бағ жанында 200 тонна сыйымлылыққа ийе музлатқыш болып, бүгинги күни исбилермен өзи жетистирген мийўе ҳәм палыз өнимлерин усы музлатқышта сақлаўды жолға қойыў арқалы таза ҳәм сапалы өним жеткерип бериўге, халқымыздың дастурханын жыл он еки ай даўамында тәмийинлеўге өз үлесин қосып келмекте.
– Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаӯ агентлигиниң фитосанитариялық лабораториясы 2020-жылы дүзилген болып, ҳәзирги ўақытта лабораторияда лаборатория меңгериўшиси, энтомолог, фитофотолог, гербиолог лаборантлар хызмет алып бармақта,-дейди агентликтиң фитосанитариялық лабораториясының баслығы Сулыўхан Мәдреймова.
Агентлик инспекторлары тәрепинен орынларда мониторинг ҳәм фитосанитар дала қадағалаӯ илажлары алып барылады ҳәм олар карантин асты өнимлери бар болыўы мүмкин, деп гүманланған жағдайда өнимлерден үлгилер алынып, фитосанитар лабораторияға тапсырылады.
Президентимиздиң 2018-жыл 28-марттағы арнаўлы қарарына тийкарланып агентлик тəрепинен карантин илажларын əмелге асырыӯ ушын керекли болған барлық зəрүр үскенелер менен тəмийинленген көшпели лаборатория автобусы да бул бағдардағы жумысларды жеделлестириўде үлкен жәрдемин тийгизбекте. Бул көшпели лаборатория мəмлекетимизде фитосанитариялық тазалықты тəмийинлеӯ, сондай-ақ, сырт еллерге карантин астындағы өнимлер экспортын жəне де арттырыӯ ҳəм усы өнимлерге өз ӯақтында лаборатория шешимин усыныӯда айрықша əҳмийетке ийе есапланады.
Көшпели лаборатория хызмети арқалы ҳәттеки шегара аймақларда да импорт ҳəм экспорт етилип атырған аӯыл хожалығы өнимлерин карантин тексериӯлеринен өткергенде зыянланған өним ҳаққында лаборатория шешимин көрсетиӯ имканияты жаратылды.
2025-жылдың усы дәўирине шекем республикамыздағы барлық район инспекторлары тәрепинен жергиликли аўыл хожалығы өнимлеринен фитосанитариялық лабораторияға жәми 3132 түрдеги үлгилер экспертизадан өткериў ушын тапсырылды. Соннан, 1044 үлги энтомология тексериўи, 1044 үлги фитопатология, 1044 үлги гербологиялық тексериўден өткерилди.




Жыл басынан берли жәми 3132 түрдеги үлгилердиң белгиленген тәртипте лабораториялық нәтийжеси өткерилди. Қала хам районлар тәрепинен тапсырылған 3132 түрдеги үлгилерге, жәми 257 экспертиза нәтийжеси берилип, соннан 13 жағдайда зыянлы обьект анықланған.
Өткерилген 3132 экспертиза нәтийжесине бола, карантин кеселлик болған 1 ToBRFV вирусы, 12 үлгиде ун тәризли қурт анықланды.
Бул бағдардағы илажлар орынларда нәтийжели даўам етпекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги