Өзбекстан Президентин рәсмий күтип алыў мәресими болды
993

Бүгин Люблянадағы Конгресс майданында Словения Республикасына рәсмий сапар менен келген Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти рәсмий күтип алыў мәресими болып өтти.
Мәмлекетимиз басшысын Словения Президенти Наташа Пирц Мусар күтип алды. Жоқары мәртебели мийман ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сапланды. Әскерий оркестр Өзбекстан ҳәм Словения мәмлекети гимнлерин атқарды.



Еки мәмлекет басшылары ҳүрметли қараўыл қатарыныӊ алдыннан өтип, рәсмий делегациялар ағзалары менен сәлемлести.





Рәсмий мәресимнен соӊ «Звезда» бағында урыс қурбанларыныӊ естелигине ҳүрмет ҳәм тынышлық ҳәм адамгершилик идеяларына садықлық белгиси сыпатында Барлық урыслар қурбанлары естелигине гүл қойылды.
ӨзА