Абырайлы спорт беллесиўлерине таярлық мәселеси додаланды

Усы жылдың май айы мәмлекетимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысында спорт ўақыяларына бай болыўы менен ажыралып туратуғын дәўир сыпатында тарийхта қалады, десек, қәтелеспеймиз.
Әйне ояныў ҳәм жасарыў мәўсими бәҳәрдиң соңғы айында мәмлекетимизде шебер спортшыларды табыўдың жаңа системасы болған “Жаңа Өзбекстан Олимпиада шоққылары” жарысларына старт берилген болса, суў спорты түрлери, ат спорты, гүрес, еркин гүрес, бокс, таэквондо, волейбол, гандбол, баскетбол, оқ жайдан атыў сыяқлы бағдарларда өткерилген чемпионатлар ҳақыйқый спорт байрамы көринисин алды.
Өзбекстан Республикасы Спорт министрлигинде усы жылдың 22-25-май күнлери пайтахтымызда дзюдо бойынша жаслар ҳәм жас өспиримлер арасында Учқун Муродов естелигине бағышланған Азия кубоги ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти сыйлығы ушын усы жылдың 28-31-май күнлери Нөкис қаласында белбеўли гүрес бойынша жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында шөлкемлестирилетуғын континент ҳәм жәҳән чемпионатларына таярлыққа бағышланған шөлкемлестириў комитети мәжилисинде май айындағы спорт илажларының әҳмийети ҳәм орны ҳаққында сөз етилди.
Өзбекстан Республикасы спорт министриниң орынбасары Ш.Маҳмудовтың басшылығында өткерилген мәжилис даўамында абырайлы жарысларға пуқта таярлық көриў, сырт мәмлекетлерден келетуғын спорт делегацияларын мүнәсип күтип алыў, жайластырыў, олардың қәўипсизлиги ҳәм саламатлығын сақлаў, сырт мәмлекеттиң спорт делегациялары ушын елимиздиң дыққатқа ылайық тарийхый ҳәм заманагөй орынларына саяхатлар шөлкемлестириў, жарыслардың техникалық ҳәм тактикалық тәреплерине айрықша итибар қаратыў мәселелери додаланды.
Ҳәр бир бағдар бойынша жуўапкерлер, атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы жуўапкерлери, Өзбекстан белбеўли гүрес ҳәм Дзюдо федерациясы жуўапкерлери, тийисли шөлкем ҳәм уйымлардың ўәкиллери исленген жумыслар бойынша мәлимлемелер берди.
Додалаўлар процесинде атап өтилгениндей, мәмлекетимиз халықаралық жарыслар орайына айланып баратырғаны, абырайлы спорт илажлары себепли Өзбекстанға келетуғын халықаралық спорт шөлкемлериниң ўәкиллери, шебер спортшылардың саны артып атырғаны елимизде спорт туризминиң раўажланыўын жаңа басқышқа көтермекте.
Мәжилис жуўмағында бул бағдардағы жумысларды және де күшейтиў, сондай-ақ, шешимин күтип атырған мәселелер бойынша жуўапкерлерге анық ўазыйпалар жүкленди.
ӨзА